27-октябрь күни Ташкент қаласы Жаслар орайында Өзбекстан ҳәм Түркия бирге ислесиўинде шөлкемлестирилген бул орайдың салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Илажда Жаслар ислери агентлиги директоры Алишер Садуллаев, Ташкент қаласы ҳәкиминиң орынбасары Дурдона Раҳимова, Түркия Технология жәмәәти қоры басқарыў кеңесиниң баслығы Элван Кузужу Ҳидир, Түркияның Өзбекстандағы елшиси Уфук Улутас, сондай-ақ, студентлер, белсенди жаслар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Орай жасларға заманагөй билим ҳәм көнликпелерди ийелеў, илимий-техникалық бағдарларда әмелий тәжирийбе арттырыў имканиятын береди.
Бул жерде робототехника, жасалма интеллект, авиация, космослық технологиялар ҳәм анық пәнлер бойынша әмелий билимлер бериледи. Сондай-ақ, жаслар шет тиллерин интерактив усылларда үйрениўи мүмкин.
"Билим Ташкент" орайы Жаслар ислери агентлиги, Ташкент қаласы ҳәкимлиги, "Бес баслама жойбар офиси" ҳәм Түркия Технология жәмәәти қоры менен биргеликте шөлкемлестирилген.
Жойбардың тийкарғы мақсети жаслардың илим ҳәм инновацияларға қызығыўшылығын арттырыў, олардың потенциалын раўажландырыў және халықаралық билимлендириў ҳәм мийнет базарында бәсекиге шыдамлы қәниге болып жетилисиўине жәрдемлесиўден ибарат.