Бүгин жергиликли ўақыт пенен саат 04:20 да “Airbus A320”
авиакомпаниясының самолёты Ташкенттен Карачи қаласына жетип келди. Дәстүрге
бола, ҳаўа кемеси Карачи аэропортында суў аркасы менен салтанатлы күтип алынды,
деп хабар бермекте “Дунё” МА.
Салтанатлы күтип алыў мәресиминде Синд провинциясы ҳәм жергиликли
ҳәкимият уйымлары, Карачи қаласында аккредитациядан өткен дипломатиялық корпус,
Синд провинциясы туризмди раўажландырыў корпорациясы, авиакомпаниялар,
туроператорлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда шығып сөйлеген Синд ўәлаяты ҳүкимети ўәкиллери жаңа рейстиң жолға
қойылғаны Өзбекстан тәрепинен туўысқан халықларымызды және де жақынластырыў,
туристлер ағымын көбейтиў, исбилерменлик ҳәм дипломатиялық байланысларды
қоллап-қуўатлаўға қаратылған гезектеги әмелий қәдем екенин атап өтти.
Илаж шеңберинде
Карачи халықаралық аэропортында Өзбекстан елшиханасы ўәкиллери ҳәм “Centrum Air” авиакомпаниясы басшылығы
қатнасыўында баспасөз әнжуманы да болып өтти.
Усы тәризде
Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы тиккелей авиақатнаўлар саны ҳәптесине 8 ге
шекем көбейди.