Бул қағыйдалар Агентлик директорының 2026-жыл 16-сентябрьдеги 11-н-санлы буйрығы менен тастыйықланған ҳәм Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде 2026-жыл 14-октябрьде 3953-сан менен мәмлекетлик дизимнен өткерилген.

Жаңа авиация қағыйдалары Халықаралық пуқаралық авиациясы шөлкеми (ICAO) ның Халықаралық пуқаралық авиациясы ҳаққындағы конвенциясына 8-қосымша "Ҳаўа кемелериниң ушыўға жарамлылығы" шеңбериндеги халықаралық стандартлар ҳәм усыныс етилген әмелиятлардың әҳмийетин инабатқа алған ҳалда, пуқаралық ҳаўа кемелериниң ушыўға жарамлылығын тәмийинлеўге байланыслы талапларды белгилейди.

Жаңа авиация қағыйдалары пуқаралық ҳаўа кемелериниң ушыўға жарамлылығын тәмийинлеў тәртибин белгилеп, ҳаўа кемелерин сертификатлаў, олардың ушыўға жарамлылығын сақлаў ҳәм техникалық хызмет көрсетиў шөлкемлериниң жумысына қойылатуғын талапларды қамтып алады. Ҳүжжетте ушыўға жарарлық сертификатларын бериў ҳәм тән алыў, ҳаўа кемелериниң техникалық жағдайын қадағалаў, ушыўға жарарлықты сақлаўға байланыслы мәжбүрий мағлыўматлар менен ислесиў, сондай-ақ, ҳаўа кемелерине техникалық хызмет көрсетиў шөлкемлерин сертификатлаў мәселелери белгиленген.

Сондай-ақ, техникалық хызмет көрсетиў шөлкемлериниң жумысына байланыслы қолланбалар, сапаны тәмийинлеў системасы, өндирислик база, хызметкерлердиң маманлығы ҳәм кәсиплик таярлығына байланыслы талаплар нәзерде тутылған.

Бул қағыйдалардың енгизилиўи пуқаралық авиацияда ҳаўа кемелериниң ушыўға жарамлылығын тәмийинлеўге байланыслы талапларды системаластырыў ҳәм пәрўазлардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған нормативлик-ҳуқықый тийкарларды жетилистириўге хызмет етеди.

Қағыйдалар рәсмий жәрияланған күннен баслап үш ай өткеннен соң, 2027-жыл 16-январьдан күшке киреди.