АҚШ Транспорт қәўипсизлиги администрациясы (TSA) ҳәм АҚШ кеселликлерди қадағалаў ҳәм олардың алдын алыў орайлары (CDC) талапларына муўапық, 2026-жыл 16-ноябрьден 2027-жыл 16-февральға шекем халықаралық авиақатнаўлар ушын қосымша қағыйдалар әмел етеди. Олар АҚШқа, мәмлекет аймағы арқалы транзит жолы менен кетип баратырған, сондай-ақ, АҚШтан шығып кетип атырған жолаўшыларға тийисли.

Жаңа талапларға бола, ҳәр бир жолаўшы Америка Қурама Штатларына пәрўазға шығыўдан алдын пәрўаздан алдын 21 күн даўамында Конго Демократиялық Республикасы (КДР) аймағында болмағанлығы ҳаққында арнаўлы тастыйықлаў (Attestation) бериўи шәрт.

Бул тастыйықлаўдың бар екенлиги рейске дизимнен өтиў ўақтында, сондай-ақ, бортқа шығыўдан алдын ҳүжжетлерди тексериў ўақтында тексериледи.

Жолаўшыларға белгиленген талаплар менен алдыннан танысыў, саяхатты режелестириўде оларды есапқа алыў ҳәм барлық пәрўаз алды тәртип-қағыйдаларын асықпастан өтеў ушын аэропортқа алдыннан келиў усыныс етиледи.

“Uzbekistan Airways” авиакомпаниясы жолаўшылардан рейске шығыў ўақтында жүз бериўи мүмкин болған қыйыншылықлардың алдын алыў мақсетинде көрсетилген қағыйдаларға итибар бериўди сорайды.