Роботтың бийиклиги дерлик үш метрге жетеди. Машина төрт аяқта
ҳәрекетлениў ямаса еки аяқта жүриў ушын трансформацияланыў имканиятына ийе.
Рекламада ислеп шығыўшылар GD01 бетон блоклардан исленген дийўалды қалайынша
аңсатлық пенен қулататуғынын көрсетип берди.
Жаңалықтың тийкарғы өзгешелиги оператор ушын кабинаның бар екенлиги
болды. Инсан машина ишине отырыўы ҳәм оны тиккелей басқарыўы мүмкин. Компания GD01 ди
"өндиристеги биринши басқарылатуғын механика-трансформатор" сыпатында
тәрийплейди.
Роботтың басланғыш
баҳасы 3,9 миллион юань - дерлик 500 мың евро. Соның менен бирге, ислеп
шығарыўшы техникалық характеристикаларды, атап айтқанда, батареяның
автономлығы, максимал тезлиги ямаса зарядлаў ўақтын еле ашып бермейди.
Ислеп шығыўшылар GD01
тек ғана пуқаралық пайдаланыў ушын жаратылғанына исендирип атыр. Бундай
роботлар апатшылықлар ақыбетлерин сапластырыўда ямаса әпиўайы техника жетип
барыўы қыйын болған қәўипли орталықларда ислеўде пайдалы болыўы мүмкин, деп
жазбақта korrespondent.net.