Жети миллий бағдарлама – жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы реформалар көлемин кеңейтетуғыны, оның миллий мәмлекетшиликти беккемлеў, экономикалық турақлылық, халықтың абаданлығы сыяқлы тийкарғы бағдарлар бойынша нәтийжелилигин бир неше есеге арттыратуғыны сөзсиз. Себеби, Президентимиз ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимде алға қойған бул бағдарламалар мәмлекетимизди келешекте комплексли раўажландырыў ҳәм инсан қәдирин арттырыўға қаратылған стратегиялық раўажланыў модели болып есапланады.
Экологиялық турақлылық бойынша төртинши бағдарламадан салыстырма. Бул бағдарламаның мақсет-мазмунынан алдын мәмлекетимиздиң келешектеги раўажланыў жолын белгилеп беретуғын стратегиялық бағдарламалар комплексинен усы бағдардың айрықша орын алыўы зәрүрлигине тоқтап өтсек. Гәп сонда, жәмийет раўажланыўының бүгинги басқышында мәмлекеттиң қүдирети тек экономикалық өсиў, санаат өндириси ямаса жалпы ишки өним көлеми менен өлшенбейди. Суўды қалай сақлаў, жер ҳәм тәбийғый байлықлардан қалай пайдаланыў, қалаларды қай дәрежеде көклемзарластырыў, келешек әўлад ушын қандай экологиялық орталық қалдырыў да мәмлекет раўажланыўының әҳмийетли нормасына айланбақта.
Өзбекстанда экологиялық сиясаттың жаңа басқышы әне усы көзқарасқа сүйенбекте. Бул процессте суўды үнемлеў, "Жасыл мәкан", қалаларды көклемзарластырыў, тәбийғый ресурсларды қорғаў ҳәм экологиялық мәдениятты арттырыў бир-бирин толықтыратуғын бирден-бир стратегиялық бағдар сыпатында көринбекте.
Бүгин дүньяда "жасыл экономика", "жасыл инфраструктура", "суў қәўипсизлиги", "климатқа бейимлесиў", "ресурс үнемлеўшилиги" сыяқлы түсиниклер әпиўайы экологиялық атамалар емес, ал раўажланыў стратегиясының әҳмийетли шәртине айланғанын көрмектемиз. Өйткени, суў ресурслары шекленген, аўыл хожалығы суўғарыўға жоқары дәрежеде байланыслы болған Өзбекстан ушын тәбияттың бийбаҳа байлығы – суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, бул ресурсты бөлистириў бағдарында өзине тән қатнасларды әмелиятқа енгизиў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Себеби климат өзгериўи, шөллениў, Аралбойы экологиялық кризиси ҳәм халық санының артып барыўы тәбиятқа мүнәсибетти өзгертиўди объектив зәрүрлик, тәбийғый талапқа айландырмақта. Мине, усы зәрүрлик жаңа Өзбекстан раўажланыўының гезектеги басқышында экологиялық реформалардың тийкарына айланбақта.
Экологиялық сиясат формуласы
Миллий бағдарламаның төртиншиси суў ҳәм тәбиятқа мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгертиўге бағышланған. Бул болса экологиялық мәселелерге енди белгили бир тараў шеңбериндеги ўазыйпа емес, ал миллий раўажланыўымыздың айрықша бағдары сыпатында қаралып атырғанын көрсетеди.
Салтанатлы мәресимде мәмлекетимиз басшысының шығып сөйлеген сөзиндеги бир пикирди экологиялық сиясаттың өзине тән формуласы сыпатында қабыл етиў мүмкин: "Тәбиятқа мүнәсибет – халықтың мәденияты, мәмлекеттиң жуўапкершилиги ҳәм раўажланыўдың сапа көрсеткиши болып есапланады". Бул пикирде үш әҳмийетли түсиник жәмленген: мәденият, жуўапкершилик ҳәм сапа. Демек, тәбиятты сақлаў тек ғана экология тараўы ўәкиллериниң иси емес. Бул – пүткил жәмийеттиң мәдений жетилисиўине хызмет ететуғын процесс. Суўды үнемлеў тек ғана суў хожалығы системасының ўазыйпасына кирмейди. Бул – мәмлекет, фермер, исбилермен ҳәм ҳәр бир пуқараның жуўапкершилиги. Жасыл қала болса тек ғана абаданластырыў нәтийжеси емес. Бул – раўажланыў сапасының көрсеткиши.
Жаңа миллий бағдарламаның төртинши бағдары мәмлекеттиң келешектеги раўажланыўы ҳәм халқымыздың турмысы ушын қаншелли әҳмийетли ҳәм буннан нелер күтилмекте?
Бириншиден, төртинши миллий бағдарламаның тийкарларынан бири – суў мәселеси Өзбекстан ушын аўыл хожалығынан да кең түсиник. Ол азық-аўқат қәўипсизлиги, халықтың саламатлығы, санаат, энергетика, аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўы менен тығыз байланыслы. Сол себепли суўға мүнәсибеттиң өзгериўи экономиканың ислеў механизмине тәсир көрсетиўи мүмкин.
Бир неше жыл алдын суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўге тийкарынан айырым аймақлардағы алдынғы хожалықлардың тәжирийбеси сыпатында қаралған болса, бүгин ол мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Атап айтқанда, БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) Өзбекстанда экологиялық турақлы аўыл хожалығын раўажландырыў, суў жетиспеўшилиги, топырақ саламатлығы ҳәм пестицидлерден пайдаланыўды азайтыў мәселелери бойынша исленип атырған жумыслар қоллап-қуўатланып атырғанын атап өтти. ФАОның "жасыл" аўыл хожалығы бойынша регионаллық техникалық платформасында Өзбекстан пилот мәмлекетлерден бири сыпатында қатнаспақта.
Екиншиден, суў қәўипсизлиги мәселеси көпшилик ойлағанынан да әҳмийетлирек. Себеби мәмлекетте суў ресурсларының шама менен 90 проценти аўыл хожалығына жумсалады. Рәсмий мағлыўматларға бола, 2030-жылға барып суў жетиспеўшилиги 7 миллиард куб метрге шекем жетиўи, узақ келешекте болса және де күшейиўи мүмкин. Сол себепли суўды үнемлеў мәселеси экология менен бир қатарда экономикалық ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги мәселеси болып табылады. Соның ушын "Өзбекстан – 2030" стратегиясында суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңейтиў, суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, суў хожалығы тараўын санластырыў ҳәм заманагөй басқарыў механизмлерин енгизиў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленди.
Суўды үнемлеў мәселесинде 2019-жылға шекем айтарлықтай технологиялар жоқ, тараўда системалы машқалалар жыйналып қалған еди. Суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўде мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлериниң жоқ екенлиги, жергиликли өндирис раўажланбағаны, ҳәттеки суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў тилегиндеги талапкерлерди жетерли дәрежеде қаржылай қоллап-қуўатлаў нәзерде тутылмағаны себепли 2019-жылға шекем республикада суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген майданлар тек ғана 28 мың гектарды қураған. Технологияларды енгизиў бойынша маман қәнигелер, сервис ҳәм инженерлик потенциалы ҳаққында айтыўдың өзи болмайды. Булардың барлығы суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўге үлкен тосқынлық болып атырған еди.
Президентимиз бул бағдарда жақын бес-он жылда мәмлекетимиз қандай машқалаларға дус келиўи мүмкин екенлигин алдыннан сезе алғаны ушын да суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўде мисли көрилмеген үлкен жумысларды баслап берди. Бул аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги, мәмлекеттиң социаллық-экономикалық турмысы, ертеңги күнимиз бенен байланыслы стратегиялық мәселе еди.
Ҳәр тамшысы есаплы ҳәм қәдирли
Миллий бағдарламада суўға мүнәсибетти өзгертиўдиң тийкарғы мәниси сонда: бир тамшы суў бийкарға кетпесин, бул бийбаҳа ресурс жумсалыўы жоқары қунлы өним болып қайтыўы шәрт. Соның ушын 2030-жылға шекем аўыл хожалығы егислик майданында суўды үнемлейтуғын технологиялардың қамтып алыўын 100 процентке жеткериўдей үлкен мақсет қойылған. Белгиленген басқышлар да анық: 2026-жылы – 65 процент, 2027-жылы – 75 процент, 2028-жылы – 85 процент, 2029-жылы – 95 процент ҳәм 2030-жылы – 100 процентлик нәтийжеге ерисиў қатаң режелестирилди. Келеси бес жылда егислик майданларында суўды үнемлейтуғын технологиялардың қамтып алыўын 100 процентке алып шығыў ўазыйпасы улыўма миллий шек сыпатында белгиленди.
Бул үлкен мақсетлер де өз-өзинен қойылып атырған жоқ. Соңғы жыллары әйне усы ушын үлкен тийкар таярланды. Қысқа мүддетте мәмлекетимизде суў ресурсларынан үнемли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша системалы илажлар көрилди. Суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйренген ҳалда республикамызда тамшылатып, жаўынлатып ҳәм дискрет сыяқлы усылларда суўғарыў, сондай-ақ, жерди лазер үскенеси менен тегислеў технологиялары енгизиле баслады.
Көрилген илажлар нәтийжесинде соңғы жыллары республика бойынша 664 мың гектарда тамшылатып, 121 мың гектарда жаўынлатып, 73 мың гектарда дискрет суўғарыў ҳәм 107 мың гектарда басқа түрдеги суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилди және 1,6 миллион гектар майдан лазерли технологиялар жәрдеминде тегисленди.
Усы жылдың өзинде 136 мың гектарда тамшылатып, 26,7 мың гектарда жаўынлатып, 12,1 мың гектарда дискрет суўғарыў ҳәм 157 мың гектарда басқа түрдеги суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилди және 302,3 мың гектар майданда лазерли тегислеў жумыслары орынланды.
Мысал ушын, Тўрақорған районындағы "Бахтиёр Неъмат Шавкатжон" фермер хожалығы 2019-2025-жылларда суўғарылатуғын барлық майданда — 237 гектарда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизди. Дәслепки нәтийжениң өзин алың – 24 гектар пахта атызында өнимдарлық 80 центнерге жеткен. Оған шекем бул майданда пахта өнимдарлығы 25-30 центнерден артпаған.
Ямаса Булунғур районындағы “Metin Group Impeks” ЖШЖ ерискен нәтийжени алайық. 700 гектар ғәллезарда жаўынлатып суўғарыў технологиясы енгизилгеннен соң ҳәр гектардан 50-55 центнер өним алынған. Бурын бул суўғарылмайтуғын жерде өнимдарлық ҳәр гектарынан тек ғана 10-20 центнерди қураған.
Бундай мысалларды елимиздиң барлық аймақларынан онлаған келтириў мүмкин. Булар бес-алты жылдың бержағында суўды үнемлеў технологияларын енгизиў бағдарында қойылған исенимли қәдемлердиң дәслепки нәтийжелери. Себеби, глобал көлемде суў машқаласы барлық мәмлекетти, әсиресе, Орайлық Азия регионын қамтып алып атырған ҳәзирги шараятта бул бағдардағы жумыслардың көлемин кескин арттырыўды дәўирдиң өзи талап етпекте. Мине соның ушын да мәмлекетимиз басшысы тәрепинен келеси дәўир ушын белгиленген миллий бағдарламада суў ҳәм тәбиятқа мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгертиў мәселеси айрықша орын ийеледи.
Мүнәсибет өзгереди: суў – тегин болмайды
Бүгин суўды үнемлеў әтирапында пүткил бир экономикалық экосистема қәлиплеспекте. Суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў фермерден – технология ислеп шығарыўшыға шекем, банктен – илимий мәкемеге шекем, мәҳәлледеги тутыныўшыдан – мәмлекетлик басқарыўға шекемги пүткил системаның аўызбиршиликли ҳәрекетин талап етеди.
2019-жылы суўды үнемлейтуғын технологиялардың комплектлеўши бөлеклерин ислеп шығаратуғын жергиликли кәрханалардың саны тек ғана 3 болған болса, 2025-жылдың ақырына келип олардың саны 60 қа жеткен. Бул санның артында әҳмийетли тенденция бар. Суўды үнемлейтуғын үскене ислеп шығарыўшы завод ушын жаңа базар пайда болады. Үскенени орнататуғын қәниге ушын жаңа жумыс орны ашылады. Оны ислеп шығаратуғын инженер ушын жаңа инновациялық ўазыйпа жүзеге келеди. Фермер ушын болса ресурстан нәтийжели пайдаланыў имканияты кеңейеди.
Демек, суўды үнемлеў экономикалық раўажланыўды ресурс нәтийжелилигине тийкарланған жаңа басқышқа алып шығыўы мүмкин. Суўды үнемлейтуғын технология дегенде, бәринен бурын, тамшылатып суўғарыў түсиниледи. Бирақ мәселе буның менен шекленбейди. 2026-2028-жылларға мөлшерленген режелерде 3,5 миллион гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, соның ишинде, 220 мың гектарда тамшылатып суўғарыў, 110 мың гектарда жаўынлатып суўғарыў ҳәм 600 мың гектарды лазерли тегислеў белгиленген. Бул технологиялар есабынан ҳәр жылы 5 миллиард куб метр суўды үнемлеў мақсет етилген.
Миллий бағдарламадағы суўға мүнәсибетти өзгертиў мақсетиниң және бир әҳмийетли тәрепи сонда, суўды үнемлеў енди тек ғана "суўдан аз пайдаланыў" дегени емес. Ол суўды анық мәнзилге, анық нормада ҳәм анық ўақытта жеткериў мәдениятын да билдиреди. Мысалы, тамшылатып суўғарыўда суў өсимлик тамырына жақын жеткериледи. Жаўынлатып суўғарыў суў бөлистириўди басқаша усылда шөлкемлестиреди. Лазерли тегислеў болса майдан бойлап суўдың бир тегис тарқалыўына жәрдем береди. Демек, заманагөй агротехнология суўдың тәбийғий қәсийетин емес, инсанның оннан пайдаланыў мәдениятын өзгертеди. Усы көзқарастан қарағанда, суўды үнемлейтуғын технологиялар техникалық қуралдан да үлкен түсиник. Олар суў хожалығында креатив қатнас жасаўды талап етеди.
Суўды үнемлеў мәселесинде экологиялық мәп биринши орында турады. Бирақ экономикалық нәтийже де жүдә әҳмийетли. Статистикалық мағлыўматлар суўды үнемлейтуғын технологиялар суў ресурсларын 45-50, жанылғы-майлаў материаллары ҳәм минерал төгинлердиң қәрежетин 25-35 процентке шекем азайтыўы, өнимдарлықты болса 15-20 процентке шекем арттырыўы мүмкин екенлигин атап өтпекте. Әлбетте, нәтийже белгили бир егин, аймақ, технология ҳәм оның дурыс эксплуатацияланыўына қарап ҳәр қыйлы болады. Бирақ улыўма логика анық: ресурсты үнемлеў – жумыс нәтийжелилигин арттырыў. Сонлықтан, мәмлекет тәрепинен қаржылай хошаметлеў механизмлериниң күшейтилип атырғаны да унамлы нәтийжелер бермекте. 2026-жылы суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңейтиў ушын коммерциялық банклер тәрепинен 2,6 триллион сум кредит ҳәм 800 миллиард сум субсидия ажыратылыўы белгиленген. Бул жерде әҳмийетли ўазыйпа қаржыны ажыратыўдың өзи емес, оның нәтийжелилигин тәмийинлеў екени айрықша әҳмийетке ийе.
Суўға мүнәсибетти өзгертиў мәселесинде және бир әҳмийетли мәселе бар: суўды үнемлеў тек ғана мурап ямаса фермердиң мойнындағы ўазыйпа емес. Қалалардағы коммуналлық системалар, санаат кәрханалары, хызмет көрсетиў тараўы ҳәм шаңарақлар да суўдан нәтийжели пайдаланыў мәдениятына өтиўи керек. Себеби, суўды үнемлеў ҳәр бир инсанның күнделикли турмысында қәлиплескен экологиялық мәденияттан басланады. Суў ағып турған кран, насаз труба, қадағалаўсыз суўғарылып атырған қыйтақ жер, ишимлик суўдан басқа мақсетте нәтийжесиз пайдаланыў – булардың ҳәр бири өз алдына қарағанда киши машқала сыяқлы көринеди. Бирақ миллионлап тутыныўшылар көлеминде олар үлкен ресурс жоғалтыўларына айланады.
Сол себепли экологиялық реформалардың ең әҳмийетли нәтийжеси технологияның өзи емес, ал суўға мүнәсибеттиң өзгериўи болады.
Әсирлерге тең улыўма миллий ҳәрекет
Тәбиятқа мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгертиў – төртинши миллий бағдарламаның тийкарғы өзеги, десек асыра айтқан болмаймыз. Усы бағдар бойынша белгиленген кең көлемли илажлар болса экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, келешек әўладқа турақлы экологиялық мийрас қалдырыўымызға тийкар жаратыўы менен әҳмийетли.
Мәселен, мәмлекетимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў жолындағы ең әҳмийетли ҳәм кең көлемли басламалардан бири, әлбетте, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары болып есапланады. Бул жойбар тек ғана терек егиў кампаниясы емес, ал миллеттиң тәбиятқа болған мүнәсибетин түп-тийкарынан өзгертиўши, миллий экологиялық мәдениятты қәлиплестириўши тарийхый ҳәрекетке айланды.
Жойбар шеңберинде мәмлекетимиз бойлап ҳәр жылы 200 миллион түп терек ҳәм пута нәлин егиў мақсет етилген. Бул арқалы қала ҳәм аўылларымыздың экологиялық келбети пүткиллей жаңаланбақта. 2026-жыл 1-апрельдеги рәсмий мағлыўматларға бола, өткен дәўирде 2000 гектардан аслам майданда 942 жасыл бағ ҳәм жасыл жәмийетлик парк, 47 массивте "Жаңа Өзбекстан бағы" қурылды. Таў, шөл ҳәм адырларда 256 мың гектар тоғай жаратылды.
Бул жумыслардың нәтийжесинде мәмлекет бойлап бир миллиардтан аслам терек ҳәм пута егиўге ерисилди. 2025-жылдың ақырына келип, мәмлекетте жасыл қаплама үлеси 2020-жылдағы 8 проценттен 14,3 процентке жеткерилди.
Алдымызда турған ўазыйпа болса және де үлкен: 2030-жылға шекем бул көрсеткишти 30 процентке жеткериў. Бул санлар "Жасыл мәкан"ның көлеми әпиўайы мәўсимлик илаждан миллий экологиялық сиясат дәрежесине көтерилгениниң көриниси болып есапланады.
"Жасыл мәкан" жойбарының халықтың абаданлығына тәсири төмендегилерде көринбекте.
Бириншиден, микроклиматтың жақсыланыўы: қалаларда жасыл аймақлардың кеңейиўи жаздың ыссысында халық ушын қолайлы орталық жаратыўға хызмет етеди. Бул, әсиресе, глобал ысыў шараятында айрықша әҳмийетке ийе.
Екиншиден, атмосфераның тазаланыўы: терек ҳәм өсимликлер ҳаўадағы айырым патасландырыўшы затларды услап қалыў ҳәм углеродты жутыў процесинде үлкен роль ойнайды. Соның ушын қалаларда жасыл аймақларды кеңейтиў халықтың саламатлығы ҳәм турмыс сапасы ушын әҳмийетли экологиялық илаж болып есапланады.
Үшиншиден, эстетикалық ҳәм руўхый саламатлық: абат ҳәм көклемзар мәҳәллелер, парк ҳәм қыябанлар инсан ушын қолайлы жасаў орталығын қәлиплестиреди, дем алыў ҳәм жәмийетлик турмыс ушын имканиятларды кеңейтеди.
Усы мәнисте, "Жасыл мәкан"ға экономикалық процесстен узақ болған экологиялық кампания сыпатында емес, ал халықтың жасаў сапасын, қала инфраструктурасы ҳәм аймақлардың тартымлылығын арттыратуғын узақ мүддетли инвестиция сыпатында қараў керек.
Президентимиз бул ҳәрекетти жаңа сапа басқышына алып шығыў, мектеп, бақша, емлеўхана ҳәм көп қабатлы турақ жайлар әтирапындағы жасыл аймақларды жәмийеттиң қол қатылмас байлығы сыпатында қорғаў, жақын жылларда район ҳәм қала орайларында жасыллық көлемин 30 процентке жеткериў ўазыйпаларын белгилеп берди. Бул жерде ең әҳмийетли мәселе усы жумыстың сапалы шөлкемлестирилиўи болып табылады. Себеби, нәл егиў жумыстың басланыўы ғана. Тийкарғы ўазыйпа – оларды жетерли дәрежеде күтип-қуўатлаў, агротехникалық илажлар өткериў.
Бул қатнастың әмелий мәниси сонда, жаңа қурылыс режелестирилип атырғанда жасыл майдан кейин ойланатуғын мәселе емес, ал жойбардың дәслепки элементи болыўы керек. Заманагөй қала тек ғана имаратлар жыйнағы емес. Ол – турақ жайлар, жоллар, транспорт, суў, ҳаўа, жасыл аймақлар, пиядалар майданлары ҳәм социаллық инфраструктураның бирден-бир системасы.
Қалаларда жасыллық дәрежесин 30 процентке жеткериў ўазыйпасы Өзбекстанның урбанизация процеси ушын айрықша әҳмийетке ийе. Ҳәзир алдымызда "Жасыл мәкан" ҳәм "Таза ҳаўа" бағдарламалары шеңберинде қалаларда жасыллық дәрежесин 2030-жылға шекем 30 процентке жеткериў ўазыйпасы тур. Қала қанша тығызласқан сайын, жасыл инфраструктураның әҳмийети де соншелли артады. Жасыл майданлар халықтың дем алатуғын орны ўазыйпасын атқарады. Парк ҳәм қыябанлар қаланың социаллық турмысын байытады. Жасыл аймақлар қала орталығының тәбийғый бөлимлеринен бирине айланады. "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарының жаңа басқышы сан менен бирге, экологиялық режелестириў мәдениятын да талап етеди.
"Жасыл" ҳәм таза турмыс көрсеткиши
Суў ҳәм жасыллық бир-биринен ажыралмас еки түсиник. Бул еки бағдарды бөлек қараў да дурыс емес. Жасылластырыўдың өзи де суўды үнемлеўге қатаң әмел етиў менен болыўы зәрүр. Келешекте қалаларды көклемзарластырыў сиясатында әне усы мәселе және де үлкен әҳмийетке ийе болады. Усы мәнисте, суў сиясаты ҳәм қала экологиялық сиясаты бир-бирин толықтырыўы керек.
Бүгинги заманагөй дүньяда экологиялық нәтийжелилик экономикалық нәтийжелиликтиң бир бөлегине айланбақта. Сонлықтан, экологиялық реформалар келешекте жаңа экономикалық тармақлардың өсиўине де түртки беретуғыны сөзсиз. Бул процессте ең үлкен ўазыйпа – "жасыл экономика"ны тек ғана мәмлекет қаржылары есабынан емес, жеке меншик сектор, банклер, инвесторлар, илимий мәкемелер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң қатнасыўында раўажландырыў болып есапланады.
Экологиялық сиясатта санластырыўдың әҳмийети де артып барады. Соның ушын суў есабын санластырыў, "ақыллы" есаплағышлар, мониторинг системалары ҳәм санлы мағлыўматлар базасы экологиялық басқарыўдың әҳмийетли бөлегине айланады. 2026-жылы суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў шеңберинде санлы есаплаў ҳәм заманагөй өлшеў қуралларынан пайдаланыўға да айрықша итибар берилмекте. Бул жерде әпиўайы, бирақ әҳмийетли қағыйда бар: өлшенбеген ресурсты нәтийжели басқарыў қыйын. Суў есапланса, оның мәниси көринеди. Терек есапқа алынса, оның қорғалыўы күшейеди. Экологиялық жағдай мониторинг етилсе, қарар қабыл етиўдиң сапасы артады.
Экологиялық мәдениятты арттырыў белгиленген реформалардың ең қыйын басқышы болып есапланады. Қабыл етилип атырған нызамлар, үлкен бағдарламалар дүзиў, қаржы ажыратыў, технология сатып алыў – булардың барлығы бир қанша аңсат болыўы мүмкин. Бирақ инсанның тәбиятқа қатнасын бир қарар менен өзгертип болмайды. Буның ушын жыллар даўамында системалы жумыс талап етиледи. Экологиялық мәдениятты қәлиплестириў балалықтан, шаңарақта басланыўы ҳәр тәреплеме дурыс болады.
Мектепте балаға суўдың қәдирин үйретиў, терек егиў менен бирге, оны тәрбиялаў жуўапкершилигин де түсиндириў керек. Мәҳәлледе жасыл аймақты улыўма байлық сыпатында қабыл етиў мәдениятын қәлиплестириў зәрүр. Кәрханада суў ҳәм энергияны үнемлеў өндирис тәртибиниң бир бөлегине айланыўы керек. Фермер ушын суў – лимит ямаса квота емес, бәринен бурын, экономикалық қунға ийе ресурс екенин аңлаў әҳмийетли. Сонда ғана экологиялық сиясат ҳәкимшилик ўазыйпалар жыйындысынан улыўма миллий жәмийет мәдениятына айланады.
Абадан жасаўдың өлшемлери көп. Абаданлық көрсеткишлери де ҳәр қыйлы өлшемлерде бар. Бирақ ҳәзирги жүдә тез өзгерип атырған, социаллық-экономикалық турақсыз жағдай ҳүким сүрип атырған дүньяда халықтың абаданлығына ерисиўдиң жаңадан-жаңа талап ҳәм нормалары пайда болмақта. Тәбият пенен үнлес жасаўға өтиў, қайта тикленетуғын ресурслардан пайдаланыў, улыўма, "жасыл" ҳәм таза турмыс глобал дүньяның тийкарғы талабына айланбақта.
Елимизде әмелге асырылып атырған экологиялық реформалардың унамлы нәтийжеси көбейип баратырған жасыл аймақларда, үнемленип атырған суў ҳәм энергия ресурсларында, заманагөй технологиялар енгизилип атырған өндирис кәрханаларында көзге тасланбақта. Ең әҳмийетлиси, бул процесс инсан ушын мүнәсип ҳәм қәўипсиз турмыс шараятын жаратыўға хызмет етиўи керек. Келеси бес жыллықта халық ушын таза ҳаўа, сапалы суў, жасыл аймақлар, турақлы энергия тәмийнаты ҳәм мүнәсип жумыс орынлары мәмлекетимизде экономикалық өсиўдиң баслы өлшеми сыпатында қойылып атырғаны болса шын мәнисиндеги "жасыл" раўажланыў көрсеткиши болып есапланады.
Бәршемиз бир жағадан бас шығарып, ана тәбиятымызды қәстерлеп сақлаў, экологиялық мәдениятты арттырыў ҳәм Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген "жасыл" раўажланыў жолында пидәкерлик пенен мийнет ецек, жаңа Өзбекстан дүньядағы экономикалық қүдиретли ҳәм экологиялық турақлы мәмлекетлерден бирине айланатуғынына исенемен. Себеби, тәбиятты қәстерлеп сақлаў бул Ўатанды қәстерлеп сақлаў, миллет келешегин тәмийинлеў демек.
Абдушукур ҲАМЗАЕВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы фракция басшысы