Ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған усы жылы 13-марттағы қарардың орынланыўы шеңберинде кластер тәрепинен гезлеме ислеп шығарыў ҳәм бояў кәрханасы шөлкемлестирилди. Баҳасы 54 миллион доллар болған бул жойбардың нәтийжесинде жылына 20 мың тонна гезлеме ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылған. Фабрикада 840 жумыс орны жаратылған.

Кәрханада суў ҳәм энергия ресурсларынан пайдаланыўды қысқартыўға айрықша итибар қаратылған. Баҳасы 3 миллион доллар болған жабық суў айланысы системасы өндирис процесинде пайдаланылатуғын 95 проценттен аслам суўды тазалаў ҳәм қайта пайдаланыў имканиятын береди. Бул арқалы жылына 1,1 миллион куб метр суў үнемленбекте.

Заводты үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў ушын газ генераторы орнатылған. Имараттың төбесинде ҳәм дийўалларында улыўма қуўатлылығы 3,5 мегаватт болған қуяш панельлери орнатылған. Бул қарарлардың турмысқа енгизилиўи электр энергиясы, ыссы суў ҳәм пуўдың қәрежетлерин азайтыў, өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў имканиятын береди.

Келешекте «Sulton Tex Group» кластери тәрепинен еркин экономикалық зона аймағында улыўма баҳасы 70 миллион долларлық жойбар әмелге асырылып, 3 мың 570 жумыс орны жаратылады. Улыўма 17 миллион доллар инвестиция есабынан ўәлаяттың басқа районларында да жойбарлар әмелге асырылып, және 1 мың 220 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.

Мәмлекетимиз басшысы фабрикадағы технологиялық процесс ҳәм өнимлер көргизбеси менен танысты. Бул жерде енгизилген ресурсты үнемлейтуғын технологиялар басқа да тоқымашылық кәрханаларына үлги болыўы керек екенлигин атап өтти.

Кәрхана жумысшысы Дилором Холиёрова Президент пенен сәўбетте өзиниң жумысынан, жаратылған шараяттан қанаатланатуғынын, көрсетилип атырған жәрдем ушын миннетдаршылық билдирди.

- Инсан мийнет етсе, әлбетте, нәтийжеге ериседи. Жаңа әўлад исбилерменлеримиз себепли бүгин пүткиллей жаңа басқышқа көтерилмекте. Олар тек ғана қосымша қун шынжырын жаратып қоймастан, "жасыл" технологияларды енгизип, қоршаған орталыққа ғамхорлық көрсетпекте,-деди Президент.