Мәмлекетимиз басшысы соңғы бес жылда ўәлаятқа 20 триллион сум қаржы жумсалғаны, 7 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылғанын атап өтти. Шийки затты терең қайта ислеў бойынша мыңлаған жойбарлар иске қосылып, халықтың жан басына дәрамат 3 есеге артты.

- Енди жетистирилген өнимлерди ўәлаяттың өзинде терең қайта ислеп, аймақ халқының мүнәсип дәрамат алыўы ушын шараят жаратыў керек, – деди Президент.

Оның ушын улыўма баҳасы 6 миллиард доллардан аслам 161 жойбар таярланған. Мәресимде 69 жойбар пайдаланыўға тапсырылып, және 92 объекттиң қурылысына старт берилди.

Иске қосылып атырған 28 санаат кәрханасында 7 мыңға шамалас турақлы жумыс орны жаратылады. Италияның “Cotonella” бренди жылына 8,5 миллион дана таяр трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қоймақта. Косон, Миришкор ҳәм Касби районларында тоқымашылық тараўында және 14 жойбарды әмелге асырыў басланбақта. Олардың есабынан 18 мың жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў бойынша да жаңа қуўатлылықлар жаратылмақта. АҚШлы бирге ислесиўшилердиң қатнасыўындағы “Wosune Food Ingredients Karshi” кәрханасында 3,5 мың гектар майданда жетистирилген 100 мың тонна мийўе-овощ өнимлери қайта исленеди. 40 миллион долларлық өнимлерди "Nestle", “Purina” сыяқлы халықаралық брендлер ушын экспорт етиў режелестирилген. Египет ҳәм пакистанлы инвесторлар картошка жетистириў ҳәм шарўашылық жойбарларын әмелге асырыў ушын Нишон ҳәм Ғузор районларында 24 мың гектар майданды өзлестириўге кириспекте.

- "Жасыл" экономика ўәлаят раўажланыўының беккем тийкары болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Ақсуў дәрьясында улыўма қуўатлылығы 24 мегаватт болған 3 гидроэлектр станциясы иске қосылды. Қаршы районында Қытайдың «Shanghai SUS»  компаниясы қатнасыўында жылдың ақырына шекем 150 миллион долларлық шығындыдан электр энергиясын ислеп шығарыў кәрханасын иске қосыў режелестирилген. Китоб, Яккабағ ҳәм Шаҳрисабз районларында улыўма қуўатлылығы 58 мегаватт болған 9 киши ГЭС қурылады.

Китап районында Әзербайжан менен биргеликте алтын қазып алыў жойбары басланбақта. Шаҳрисабз районында россиялы инвесторлар менен биргеликте дор жолы, мийманхана ҳәм таў-лыжасы курортынан ибарат 300 миллион долларлық комплекс қурыў режелестирилген.

Президентимиз тараўға инвестиция киргизип атырғаны, жаңа технологиялар ҳәм инновацияларды енгизип атырғаны ушын сырт елли бирге ислесиўшилер ҳәм инвесторларға миннетдаршылық билдирди. Олардың усыныслары тыңланды.

- 2027-жыл Қашқадәрьяны заманагөй санаат ҳәм агротехнологиялар тийкарында раўажландырыў жылы болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Буннан соң Президент рәмзий түймени басып, жаңа жойбарларды иске қосып, гезектеги объектлердиң қурылысына старт берди.