Баҳасы 42 миллиард сум болған техникум 5,2 гектар майданда жайласқан. Бул жерде оқыў имаратлары ҳәм лабораториялар, устаханалар, жатақхана, спорт майданшасы, асхана, Кәсиплер қалашасы қурылған. Улыўма, мәкеме 14 имарат ҳәм объекттен ибарат болып, 80 жумыс орны жаратылған.
Ҳәзирги ўақытта бул жерде 10 бағдар бойынша 417 жас билим алмақта. Оқыў процесине Германия, Швейцария, Уллы Британия, Қытай ҳәм Қубла Кореяның алдыңғы тәжирийбелери енгизилмекте.
Техникум ўәлаяттағы басқа да профессионал билимлендириў мәкемелери ушын методикалық ҳәм әмелий база болады. Бул жерде усы мәкемелердиң 2 мың 800 оқыўшысы әмелият өтейди. Әмелият ҳәм дуал оқытыўды шөлкемлестириў ушын 32 ири шөлкем менен шәртнама дүзилген. Келешекте және 11 шөлкем менен бирге ислесиўди жолға қойыў режелестирилген.
Жылдың ақырына шекем 500 жасты немис тилине оқытыў ҳәм Германияға ҳақы төленетуғын әмелиятқа жибериў режелестирилген. Мәмлекетимиз басшысы стажировкаға баратуғын бир топар жаслар менен сәўбетлести.
- Барлық ҳәрекетлеримиз сизлердиң кәсип ийеси болыўыңызға қаратылған. Кәсип-өнерли адам ҳеш қашан жоқ болмайды. Егер терең билим ҳәм шеберликке ийе болсаңыз, қай жерде болсаңыз да, өмирде өз орныңызды табыўыңыз мүмкин. Бүгин сизлерге усындай имканиятлар жаратылды. Олардан дурыс пайдаланып, өзиңиз, перзентлериңиз ҳәм ақлықларыңыздың абадан турмысына тийкар жаратқан боласыз. Соның ушын ҳеш бир ўақытты бийкарға өткермең, – деди Президентимиз.
Сөйлесиўде мектеп дәўиринен кәсип-өнер ҳәм шет тиллерин үйретиўге итибар қаратыў зәрүр екенлиги де атап өтилди. Мектеп оқыўшыларының қызығыўшылығы ҳәм қәбилетин ерте анықлаў, келешекте кәсип таңлаўда жәрдем бериў мақсетинде Кәсиплер қалашасы шөлкемлестирилген.
Мектеп оқыўшылары бул жерде мәлимлеме технологиялары, "жасыл" энергетика, робототехника, дронларды басқарыў, электромобильлерге хызмет көрсетиў сыяқлы бағдарлар менен танысады. Сондай-ақ, тигиўшилик, аспазлық, сантехника, зоотехника ҳәм агрономия бойынша әмелий көнликпелерди ийелейди.
Ўәлаятта әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар маман қәнигелерге болған талапты арттырмақта. Усы мүнәсибет пенен техникумның имканиятларынан толық пайдаланыў, билимлендириў бағдарламаларын жумыс бериўшилердиң талапларына бейимлестириў, жасларды жаңа кәрханалар ушын мәнзилли таярлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.