Транспорт министрлигиниң мәлим етиўинше, жаңа электропоездының жолға қойылыўы халыққа ҳәм сырт елли туристлерге көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын арттырыў, қолайлы, қәўипсиз ҳәм заманагөй аймақлараралық жолаўшы тасыў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.

Жөнелисте “CRRC Dalian” компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған заманагөй тезжүрер электропоезд қатнаўын баслады. Қурам 4 вагоннан ибарат болып, 357 жолаўшыға мөлшерленген.

Алдын Ташкенттен Әндижанға шекем темир жол арқалы 6-7 саатқа шамалас ўақыт кететуғын еди. Жаңа электропоезд бул аралықты 4 саат 15 минутта басып өтиў имканиятын берип, жолдағы ўақытты сезилерли қысқартады.

Жаңа жөнелистиң иске қосылыўы аймақлар арасындағы транспорт қамтып алыўын арттырыў ҳәм жолаўшылардың қолайлы сапар етиўи ушын қосымша шараятлар жаратыўы күтилмекте.