Күни кеше Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әзербайжанлы кәсиплеси менен тар шеңберде ушырасыў және Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң үшинши мәжилисин өткерди. Мәңги дослық ҳаққындағы тарийхый шәртнама ҳәм салмақлы ҳүжжетлер топламына қол қойылды, бир қатар биргеликтеги жойбарлар басланды. Мәмлекет басшылары еки мәмлекеттиң жоқары мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықланды.
Сапар шеңберинде Әзербайжан Президенти Жаңа Ташкент жойбары менен танысты. Мәмлекет басшылары Низамий атындағы Өзбекстан Миллий педагогикалық университетиниң жаңа кампусын ашыў ҳәм Жаңа Ташкентте "Әзербайжан" бағын қурыў жумысларын баслаў мәресиминде қатнасты.
Бүгин саммит Бухарада даўам етти. Мәмлекет басшылары өмирлик жолдаслары менен биргеликте ески қаланың тарийхый естеликлери менен танысты.
Жоқары мәртебели мийманларға Бухара ўәлаятының санластырыў, жеңил санаат, электротехника санааты сыяқлы тараўлардағы потенциалы ҳаққында мағлыўмат берилди.
Бухара халықаралық аэропортындағы илажлар жуўмақланғаннан соң, Президент Илҳам Алиев ҳәм оның өмирлик жолдасын Президент Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен шығарып салды.
Усының менен Президентимиз Бухараға сапарын жуўмақлап, Ташкентке қайтты.