Сизлерди Сырт ел инвесторлары кеңесиниң гезектеги жалпы мәжилисинде көрип турғанымнан қуўанышлыман.

Бәринен бурын, ҳүрметли Одил Рено-Бассо ханымға реформаларымызды турақлы қоллап-қуўатлап киятырғаны ҳәм Кеңеске нәтийжели басшылық еткени ушын терең миннетдаршылық билдиремен.

Сондай-ақ, бүгинги илажға қатнасып атырған барлық халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел компанияларының басшыларына шын жүректен ҳүрметимди билдиремен.

Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!

Кейинги жылларда Кеңес әпиўайы мәсләҳәтлесиў механизминен әмелий реформалар майданына, Жаңа Өзбекстан ҳәм дүнья инвестициялық жәмийетшилиги арасындағы исенимли көпирге айланды.

Бүгинги күнде Кеңес еркин Бирлеспе статусын алып, ҳақыйқый мәниде күшли жәмийетлик институт дәрежесине көтерилди. Өткен жылы Кеңес жумысында қатнасқан кәрханалардың саны 54 тен 85 ке көбейди. Олар экономикамыздың 23 тармағын қамтып алып, тараўға байланыслы жумысшы топарлардың жумысында тиккелей қатнаспақта.

Буннан тысқары, Кеңестиң Атқарыў комитети қурамында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясы жумыс алып бармақта.

Итибарлы тәрепи, Кеңестиң барлық ағзаларының белсендилиги күн сайын артып бармақта. Бул усы инвестициялық платформаға жоқары исенимниң айқын көриниси болып есапланады.

Ҳүрметли Кеңес қатнасыўшылары!

Өткен жылы да сизлер менен мине усындай форматта ушырасып, көплеген мәселелерди додаладық. Алға қойылған 21 баслама бойынша анық шешимлер табылды.

Соны айрықша атап өтпекшимен, инвесторлардың басламалары мәмлекетлик сиясатымызда әмелий көриниске ийе болмақта.

Усыныслардың салмақлы бөлеги тийкарында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистирдик. Атап айтқанда, Салық кодексине инвесторларды қоллап-қуўатлаўшы өзгерислер киргизилди, компаниялар арасындағы ишки қарыз шәртнамалары финанслық қадағалаўдан шығарылды, тийкарғы қураллардың тезлестирилген амортизациясы ҳуқықы берилди, халықаралық стандартлар тийкарында есабат жүргизетуғын сырт ел компаниялары ушын көплеген мәжбүрий талаплар бийкар етилди.

"Альтернатив инвестиция фондлары ҳаққында"ғы нызам жойбары ислеп шығылды.

Бизнести жуўапкершиликли жүргизиў стандартларын енгизиў, сондай-ақ, 16 техникалық регламентти халықаралық нормаларға бейимлестириў бойынша бағдарлама таярланған.

Соның менен бирге, сырт ел инвесторлары ушын тең ҳәм әдалатлы шараятлар жаратыў бойынша халықаралық миннетлемелерди қабыл етиў бойынша жаңа қәдемлер тасладық.

Жақында Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң Халықаралық инвестициялар ҳәм көп миллетли кәрханалар ҳаққындағы декларациясына қосылыў ушын арза жибергенин жәриялады.

Бул бағдардағы жумыслардың логикалық даўамы сыпатында Ташкент халықаралық финанс орайы ҳаққындағы конституциялық нызам қабыл етилиўи күтилмекте.

Булардың барлығы идеяларыңыз ҳақыйқый әмелге асып атырғанының айқын дәлили.

Ҳүрметли Кеңес қатнасыўшылары!

Өткен дәўирде Кеңес жанындағы жумысшы топарлар тәрепинен 50 ден аслам инвесторлар ушын пайдалы ушырасыўлар өткерилди. Сырт елли инвесторлардың басшылығында альтернатив инвестициялық қорлар, гиреў ҳаққындағы нызамшылық, жуўапкершиликли бизнес жүргизиў, профессионал кадрлар таярлаў, салық ҳәкимшилиги, жер ажыратыў, энергетика сыяқлы тийкарғы бағдарлардағы машқалалар ҳәр тәреплеме додаланды.

Бүгинги мәжилиске таярлық процесинде сизлерден 120 жаңа усыныс ҳәм басламалар келип түсти.

Биз оларды терең таллап, жети тийкарғы бағдарға бирлестирдик. Бул инвестициялық орталықты, салық системасын, кадастр, энергетика, банк-қаржы системасын, корпоратив басқарыў, жасалма интеллект ҳәм санлы экономиканы жетилистириўге байланыслы мәселелер.

Әсиресе, валюта айланысында мониторинг процесслерин әпиўайыластырыў, жаңа финанслық механизмлер - ислам қамсызландырыўы, "жасыл" кредитлеў, машқалалы банк активлерин сатыўды жолға қойыў, кәрханаларда қоршаған орталықты қорғаў, социаллық жуўапкершилик ҳәм нәтийжели корпоратив басқарыўды өз ишине алған ESG принциплерин қолланыўды хошаметлеў сыяқлы усыныслар айрықша әҳмийетке ийе.

Ҳәр бир бағдар бойынша жуўапкерлер белгиленип, анық шешимлер ислеп шығылған.

Пурсаттан пайдаланып, бул әҳмийетли ўазыйпаны өз мойнына алған жумысшы топарлардың жәрдемши баслықлары - «Vision Invest», «BDO», «Crowe», «OTP Group», «Franklin Templeton», «Ernst & Young», «Costa Legal» ҳәм «ACWA Power» компанияларының басшыларына миннетдаршылық билдиремен.

Сондай-ақ, жыл даўамында белсендилик көрсетип, әҳмийетли ҳүжжетлерди таярлап, басламаларды ислеп шыққаны ушын Кеңестиң барлық ағзаларына айрықша миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!

Енди тиккелей сөйлесиўимизге өтемиз.

Бир жыл даўамында өткерилген аналитикалық изертлеўлер нәтийжесинде қандай машқалалар анықланды? Инвестициялық орталықты буннан былай да жақсылаў ушын Ҳүкимет нелерди әмелге асырыўы керек?

Бүгин бул залда Ҳүкимет ағзалары - Бас министрдиң орынбасарлары ҳәм министрлер қатнаспақта. Сизлерди дыққат пенен тыңлаўға, ҳәр бир машқала ҳәм усынысларыңызды ҳәр тәреплеме додалаўға таярмыз. Егер жумысымызды және де нәтийжели шөлкемлестириў бойынша усынысларыңыз болса, оларды ашық форматта көрип шығамыз.

Әлбетте, бүгин көтерилген барлық мәселелер улыўмаластырылып, мәжилис жуўмағында бирден-бир "жол картасы" ислеп шығылады. Бас министрдиң орынбасары Ж.Ходжаев ҳәм инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Л.Қудратов ҳәр шеректе оның орынланыўы бойынша жеке өзиме есап берип барады.

Енди пикир ҳәм усынысларыңызды тыңлаймыз.

***

Әзиз дослар!

Бүгинги сөйлесиўимиз оғада мазмунлы ҳәм пайдалы болды. Әсиресе, әмелий нәтийжеге қаратылған усынысларды еситип қуўандым.

Ҳақыйқый жақын шериклеримиздиң барлық басламалары халқымыздың абаданлығы ҳәм мәмлекетимизде инвестициялық орталықты жақсылаўға хызмет етеди.

Жаңа Өзбекстанда ашық, турақлы ҳәм бәсекиге шыдамлы экономиканы қурыўға қосып атырған үлесиңизди жоқары қәдирлеймиз.

Бундай ушырасыўлар қанша көп болса, алға илгерилеўимиз соншелли тез болады.

Бәршеңизге Кеңес жумысындағы қатнасыңыз ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Пурсаттан пайдаланып, сизлерге беккем денсаўлық, жумысыңызда ҳәм жеке өмириңизде тасқын табыслар тилеймен.