Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың басшылығында өткен саммитте Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон да қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, жетекшилер әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысып, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў перспективаларын көрип шықты.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде соңғы жылларда Орайлық Азияда жүз берген унамлы өзгерислерди атап өтти. Өзбекстан жетекшисиниң атап өткениндей, онда Орайлық Азия мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары әҳмийетли орын ийеледи.

Президентимиз Орайлық Азияны XXI әсирде раўажландырыў мақсетинде дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнаманы дүзиў процеси жуўмақланғанының тарийхый әҳмийетин айрықша атап өтти.

Регионаллық процесс шеңберинде үлкен ҳәм қурамалы структураларды шөлкемлестириўге умтылыў жоқ екенлиги атап өтилди.

- Бизге күшли, суверен ҳәм ғәрезсиз мәмлекетлер өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм прагматизм тийкарында бирге ислесетуғын бейимлесиўшең ҳәм түсиникли формат керек,-деди Президент Шавкат Мирзиёев.

Буннан соң Өзбекстан жетекшиси Орайлық Азия мәмлекетлери жақынласып киятырған ҳәзирги қыйын халықаралық жағдайға қысқаша баҳа берди.

- Дүнья жеделлик пенен өзгерип, кескинлик күшеймекте, саўда ҳәм транспорт байланыслары қайта қәлиплеспекте, жаңа қәўип-қәтерлер пайда болмақта, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Сол себепли, бирге ислесиўдиң ең әҳмийетли бағдарлары бойынша келешектеги биргеликтеги жумысты және де тығыз муўапықластырыў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.

Бәринен бурын, тарийхый, экономикалық ҳәм транспорт байланыслары бар регионлар менен бирден-бир бирге ислесиў мәканын қәлиплестириў идеясы алға қойылды. Пайда болып атырған имканиятлардан пайдаланып, бул байланысларды және де беккемлеў ҳәм саўда, транспорт, энергетика, санаат ҳәм жаңа технологияларды биргеликте раўажландырыў бойынша анық мазмун менен байытыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бул мәселелерди келеси жылы Ташкентте өткерилетуғын "Тынышлық ҳәм турақлы өз-ара байланыслылық жолында регионлараралық сөйлесиў: Орайлық Азия көзқарасы" халықаралық конференциясында толық додалаў усыныс етилди.

Орайлық Азия мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўларының жумысын тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў жумысларын даўам еттириў арқалы регионаллық қарым-қатнастың тийкарларын беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Экономикалық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

- Биз өз-ара саўда ҳәм инвестицияларды көбейтиў бойынша алдымызға үлкен мақсетлер қойғанбыз. Енди бул өсиў қайсы дәреклер есабынан тәмийинлениўин белгилеп алыўымыз керек,-деди Өзбекстан жетекшиси.

Ири жойбарларды тезирек иске қосыўға хызмет ететуғын биргеликтеги санаат ҳәм технологиялық шынжырлар, улыўма санлы хызметлер және инвестиция механизмлерин қәлиплестириў ўазыйпалары белгилеп берилди.

- Биз бир-биримиз бенен әпиўайы саўда етиўдиң өзи жетерли болмайтуғын басқышқа жетип келдик. Тутас өнимди биргеликте жаратыўымыз керек. "Алты экономика - бир өним" формуласы биз умтылыўымыз керек болған мақсеттиң мәнисин жақсы сәўлелендиреди, - деди Президентимиз.

Бул бағдарды раўажландырыў ушын 2027-жылы Хийўада Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан бизнес форумын өткериў, сондай-ақ, биргеликтеги инвестициялық жойбарларды финанслық-техникалық қоллап-қуўатлаў бойынша арнаўлы платформаны шөлкемлестириў усыныс етилди.

Саўда ҳәм инвестициялар министрлери кеңесине Ашхабадтағы гезектеги мәжилисинде бул мәселени толық көрип шығыўды тапсырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Буннан соң регион мәмлекетлериниң заманагөй транспорт-логистика тармағы арқалы өз-ара байланыслылығын раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

- Биз глобал саўданың тийкарғы қурғақлық жөнелислеринен бирине ҳәм соның менен бирге ири экономикалық белсендилик орайына айланыўымыз мүмкин. Бирақ буның ушын автомобиль ҳәм темир жоллар қурыўдың өзи жетерли емес. Транспорт инфраструктурасын раўажландырыўда улыўма қатнас зәрүр, - деди Шавкат Мирзиёев.

Ири жойбарлар бирден-бир система сыпатында ислеўи ушын оларды муўапықластырыў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.

- Жаңа транспорт коридорлары бойлап өндирис кәрханалары, логистика ҳәм хызмет көрсетиў объектлери, санаат зоналары пайда болыўы керек. Сонда транспорт жөнелиси өз әтирапында экономикалық жеделликти жүзеге келтирип, ол өтетуғын ҳәр бир мәмлекетке әдеўир үлкен нәтийже келтиреди, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы мақсетте Инфраструктураны раўажландырыў бойынша кеңести шөлкемлестириўди тезлестириў ҳәм оның биринши мәжилисин Өзбекстанда өткериў усыныс етилди.

Энергетика тараўына да айрықша тоқтап өтилди. Регион углеводородлардан баслап, гидроэнергетика, қуяш ҳәм самал генерациясына шекемги ҳәр қыйлы ресурслар ҳәм үлкен потенциалға ийе екени атап өтилди.

"Жасыл" раўажланыўдың әҳмийетин есапқа алып, төмен углеродлы энергетика потенциалы бойынша биргеликтеги концепцияны таярлаў басламасы алға қойылды. Бул жаңа генерация қуўатлықларын қурыў, заманагөй энергия сақлаў системаларын раўажландырыў ҳәм жаңа энергетика коридорларын жаратыў бойынша жумысларды жақсырақ муўапықластырыў имканиятын береди.

Суў ресурслары ҳәм климат өзгериўи де биргеликте шешим табыўды талап ететуғын бағдарлар сыпатында көрсетилди. Заманагөй санлы мониторинг системаларын енгизиў, ирригация тармақларын модернизациялаў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологиялардан кеңнен пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Орайлық Азияда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелий ҳәрекетлер он жыллығын жәриялаўға байланыслы улыўма басламаны толық жүзеге шығарыўға шақырылды.

Келеси жылы Өзбекстан Аралды қутқарыў халықаралық қорына басшылық ететуғынын есапқа алып, қор жумысының нәтийжелилигин арттырыў, жаңа экологиялық жойбарларды иске қосыў ҳәм қосымша қаржыландырыўды тартыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар усынылды.

Аўғанстан менен суў ресурсларынан пайдаланыў мәселелери бойынша регионның барлық мәмлекетлериниң мәплерин есапқа алған ҳалда турақлы ҳәм предметли сөйлесиўди жолға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Ҳаўаның патасланыўы регион мәмлекетлери қалалары ушын әҳмийетли машқалалардан бири екени атап өтилди. Оған жуўап ретинде Өзбекстан алға қойған "Орайлық Азия таза ҳаўасы" халықаралық консорциумының жумысын регион мәмлекетлериндеги санаат зоналары, агрокластерлер ҳәм транспорт түйинлерин экологиялық модернизациялаў бойынша пилот бағдарламадан баслаў усыныс етилди.

Әҳмийети барған сайын артып атырған және бир бағдар - әҳмийетли минераллар. Өзбекстанның басламасы менен шөлкемлестирилип атырған әҳмийетли минераллар бойынша регионаллық альянсты қәлиплестириў жумысларын жеделлестириў, дәслепки қәдемлерден бири сыпатында Орайлық Азиядағы әҳмийетли минераллар резервлериниң бирден-бир санлы картасын жаратыў усыныс етилди.

Гезектеги ири мәселелер комплекси технологиялық раўажланыўға бағышланды.

- Жасалма интеллект ҳәм үлкен мағлыўматлар менен ислесиў санаат, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы, билимлендириў ҳәм мәмлекетлик басқарыўды әлле қашан өзгертип атыр. Экономикаларымыздың өнимдарлығы ҳәм келешекте бәсекилес бола алыўы көп тәреплеме усы технологияларға байланыслы болады, - деди Президентимиз.

Усы мүнәсибет пенен регион мәмлекетлериниң имканиятларын бирлестириў ҳәм өз-ара байланысқан миллий мағлыўматлар орайлары тармағына тийкарланған улыўма есаплаў инфраструктурасын жаратыўды баслаў усыныс етилди.

Адамлар регионның келешегин белгилейтуғын ең әҳмийетли фактор екени атап өтилди.

- Мәмлекетлеримиз үлкен демографиялық потенциалға ийе. Халықтың саны өспекте, жаслар көбеймекте. Он, жигирма, отыз жылдан кейин регион экономикасы қандай болыўы көп тәреплеме олардың билимлендириў ҳәм кәсиплик таярлығының сапасына байланыслы, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Келешекте регион мәмлекетлериниң экономикасына қандай қәнигелер керек болатуғынын таллаў тийкарында талап жоқары болған кәсиплер ҳәм компетенциялардың регионаллық атласын ислеп шығыў усыныс етилди. Онда бүгинниң өзинде қәнигелер жетиспей атырған ҳәм жақын жылларда талап артыўы күтилип атырған бағдарлар бойынша прогнозларды жыйнаў нәзерде тутылмақта.

Усы тийкарда университетлер ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери экономиканың ҳақыйқый талапларын алдыннан есапқа алып, санаат, транспорт, энергетика, санлы технологиялар ҳәм басқа да тармақлардағы ири жойбарлар ушын кадрлар таярлай алады.

Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң жуўмағында кейинги жылларда көп нәрсеге ерисилгенин атап өтти. Енди бул жетискенликлерди беккемлеў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди он жыллар даўамында турақлы раўажланатуғын системаға айландырыў әҳмийетли.

- Формула әпиўайы: аўызбиршилик ҳәм исеним - раўажланыў ҳәм қәўипсизлик жолында. Биз келешек әўладларға қандай регионды мийрас қалдырыўымыз ушын жуўапкермиз. Ол тыныш, қәўипсиз, экономикалық жақтан күшли болыўы, адамларға мүнәсип жасаў, ислеў, оқыў ҳәм перзент тәрбиялаў имканиятын бериўи керек, - деди Өзбекстан Президенти.

Саммитте Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан жетекшилери де шығып сөйледи. Мәмлекет басшылары ушырасыў жуўмақлары бойынша Биргеликтеги билдириўди қабыл етти ҳәм бир қатар көп тәреплеме тәртипке салыўшы ҳүжжетлерге байланыслы қарарға қол қойды.