Сапар бағдарламасына муўапық, Амман қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер, еки мәмлекет рәсмий шахслары ҳәм исбилермен топарларының ўәкиллери қатнасыўында бизнес-форум ҳәм басқа да илажлар болып өтеди.
Болажақ сөйлесиўлер күн тәртибинен Өзбекстан - Иордания қатнасықларын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери орын алған. Тоқымашылық, таў-кән ҳәм химия санааты, аўыл хожалығы ҳәм фармацевтика сыяқлы тийкарғы тараўларда шерикликти раўажландырыў, мәдений-гуманитарлық байланыслар ҳәм туристлик алмасыўларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылады.
Сөйлесиўлер жуўмағында бир қатар ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи режелестирилген.