Ең дәслеп, кешеги журналистика қандай еди деген сораўға
жуўаптан баслайық. Дәстүрий журналистика дәўиринде бириншиден, информация
дереклери шекленген еди. Атап айтқанда, газета, радио ҳәм телевидение
тийкарғы хабар тарқатыўшы қурал есапланды. Екиншиден, журналист тек
информацияларды топлаў, қайта ислеў, редакторлаў ҳәм аудиторияға жеткериў
ўазыйпасын орынлаў менен шекленди. Бунда информация ағымының бир тәреплемелиги
көзге тасланады. Себеби, информация жетиспеўшилиги, профессионал редакторлық
қадағалаў, баспа басылымлардың үстинлиги ҳәм аудиторияның пассив қабыллаўшылығы
басым болды. Бир сөз бенен айтқанда кеше журналист тек ўақыяларды жеткериў
менен шекленди. Ал, бүгин ол ўақыяларды түсиндириў, анализлеў ҳәм аудиторияны
информация ҳүжимлеринен қорғаў ўазыйпасын да атқармақта.
Өткен әсирлерде информация жетиспеўшилиги машқаласы
болған болса, ал ҳәзир информацияның ҳәдден тыс көплиги машқаласы бар. Себеби,
ҳәр бир смартфон ийеси белгили дәрежеде контент дөретиўшисине айланды, қәлеген
мағлыўматты қәлеген форматта, қәлеген жерине жеткере алыў мүмкиншилигине ийе.
Демек, қәлеген пуқара информация тарқатыўшысына айланды, солай екен, енди
журналист информация тарқатыўшысы болыў менен шекленбестен, шынлықты жалғаннан
ажыратып бериў жуўапкершилигин мойнына алмақта. Бир сөз бенен айтқанда XX әсир
журналисти информация жеткерген болса, XXI әсир журналисти информацияны
таңлайды, тексереди, анализлейди.
Және бир әҳмийетли мәселе бар, яғный журналистиканың
тийкарғы капиталы – исеним. Егер аудитория қайсы хабар ҳақыйқый, қайсысы жалған
екенин ажырата алмаса, ғалаба хабар қуралларына болған исеним төменлейди.
Ҳәзирги дәўирде айрым ўақытларда ҳәтте ҳақыйқый хабар да гүман менен қабыл
етилмекте. Медиа изертлеўшилери бул жағдайды “информациялық исенимсизлик ямаса
информациялық тәртипсизлик” (information disorder) деп атайды. Аудиторияның
исенимли ҳәм тексерилген информацияға болған талабын қатаатландырыў ушын да
соңғы ўақытларда журналисттиң жаңа миссиялары пайда болмақта, булар фактчекерлик;
аналитик болыў; медиа саўатлы үгит-нәсиятлаўшысына айланыў; жәмийет ҳәм
мәмлекет арасындағы қарым-қатнас көпири ўазыйпасын жуўапкершилик пенен
атқарыўы.
Бурын журналистиканың тийкарғы қарсыласы цензура деп
айтылар еди, ал ҳәзирги дәўирде журналистика ушын цензура емес, ал
дезинформация ең қәўипли қорқыныш болып есапланады. Негизинде дезинформация
миллий ҳәм глобал информация қәўипсизлиги факторларынан бири сыпатында
баҳаланбақта. Соның менен бирге оның тарқалыў тезлиги де жеделлести. Себеби,
санлы платформалар алгоритмлери эмоционал ҳәм сенсацияалы контентти тезирек
тарқатады. Психологиялық илимий изертлеўлердиң көрсетиўинше, адамлар таң қалыў,
қорқыў ямаса ғәзеп оятыўшы хабарларды көриўге ҳәм бөлисиўге бейимирек болады.
Соның ушын жалған хабарлар гейде ҳақыйқый хабарларға қарағанда тезирек
тарқалады. Бул жағдай журналистлерден фактчекерлик ўазыйпаларды дурыс атқарыўды
талап етеди.
Ҳәзирги ўақытта фейк жаңалықлар; деепфаке
технологиялары; манипулятив контент; итибарды қаратыў ушын кескин бәсеки
– медиа орталығындағы ең үлкен қәўиплер болып табылады. Бурын фото ямаса видео
белгили бир ўақыяның күшли дәлили есапланатуғын еди. Ал, бүгин болса жасалма
интеллект жәрдеминде инсанның даўысы, жүз көриниси ҳәм ҳәрекетлерин ҳақыйқатқа
жүдә жақын тәризде қәлбекилестириў мүмкин. Нәтийжеде журналистикада узақ жыллар
даўамында әмел етип келинген “көрдим – демек бул реаллық, демек бул ҳақыйқат” –
деген принцип жетерли болмай қалмақта. Енди ҳәр қандай фото, видео ямаса аудио
материал қосымша тексериўден өткерилиўи талап етиледи.
Соның менен бирге, ҳәзирги дәўирде жасалма интеллект
барлық тараўлардағы сыяқлы журналистикаға жәрдемшиси болмақта. Ол үлкен
мағлыўматларды таллаў, аўдарма ислеў, транскрипция ҳәм техникалық ўазыйпаларды
орынлай алады. Бирақ, ҳақыйқатлықты аңлаў, ўақыяны баҳалаў ҳәм әдеп-икрамлы
қарар қабыл етиў бәри бир инсанның жуўапкершилигинде қалады.
Дәстүрий журналистикада тийкарғы ўазыйпа информацияны
жеткериў болған болса, бүгинги күнде журналист – фактлерди тексериўши,
мағлыўматларды верификациялаўшы, дереклерди баҳалаўшы, медиа саўатлылылықты
қәлиплестириўши қәнигеге айланбақта. Соның ушын айтыўымыз мүмкин, XXI әсирде
журналисттиң ең әҳмийетли шеберлиги оперативлик емес, ал ҳақыйқатлықты
жалғанлықтан ажырата алыў қәбилети болып табылады.
Өткен әсир журналистикасының тийкарғы машқаласы
информация жетиспеўшилиги болған болса, бүгинги күнниң машқаласы –
информацияның ҳақыйқыйлығын анықлаў болып есапланады. Деепфаке ҳәм
дезинформация шараятында журналист тек ғана хабар тарқатыўшы емес, ал
ҳақыйқатты қорғаўшы қәнигеге айланбақта.
Улыўмаластырып айтқанда заманлар өзгереди, адамлар
өзгереди, технологиялар менен платформалар да өзгереди, бирақ журналистиканың
тийкарғы принципи менен ўазыйпасы өзгермейди. Ол ҳәмийше ҳақыйқатлықты излеў,
жәмийеттиң мәпин қорғаў ҳәм адамлар арасында исенимди беккемлеўге хызмет етеди.
Себеби, журналистика әпиўайы ғана тараў емес, жәмийетлик исенимди сақлап
турыўшы социаллық институт болып табылады. Егер жәмийет ҳақыйқатлықты еситиў
ҳәм көриў имканиятын жоғалтса, дурыс қарар қабыл етиў имканиятын да жоғалтады.
Соның ушын журналистиканың келешеги – ҳақыйқатлық, жуўапкершилик ҳәм
профессионаллыққа байланыслы.
Злиха Оразымбетова,
филология илимлериниң
докторы, профессор.