Көзден алыс аймақ болғаны ушын қалашамызға онша итибар берилмейтуғын еди. Ҳәттеки инфраструктура деген түсиниктиң өзи жоқ еди, деп айтыў мүмкин. Халықтың турмыс тәризи де соған жараса еди.
Бир ғана туўыў үйиниң жоқлығы
себепли узақ жыллар ҳаял-қызлар қыйналды. Жақын әтираптағы туўыў үйине барыў
ушын 350 километр жол басып өтиў керек еди. Бул жол болса талапқа улыўма жуўап
бермейтуғын еди. Ақыбетинде туўыў мүддети жақын қалғанында келинлеримиз район
орайына кететуғын, сол жерден ижара үй таўып ай-күни келиўин күтетуғын еди.
Гейде ең сынақлы дәўирде бир айлап үйинен алыста жасаўға мәжбүр болатуғын еди.
Жаңа Өзбекстандағы реформалардың
нәпеси бизиң алыс қалашамызға да жетип келди. Президентимиздиң итибары себепли
туўыў үйи мәселеси ҳәр тәреплеме үйренилди. Өткен жылы қалашамызда заманагөй
туўыў комплекси қурып берилди. Бүгин мыңлаған аналар перзентин өз мәҳәллесинде,
заманагөй ҳәм қолайлы шараятта дүньяға келтирмекте. Усының өзи-ақ инсан қәдирин
арттырыў бағдарындағы реформалар әмелде нәтийже берип атырғанынан дәрек береди.
Кейинги жыллары аймағымыз турмысы
түп-тийкарынан өзгерди. Атап айтқанда, 2018-жылы Қарақалпақстан қалашасының
"Абат аўыл" бағдарламасына киргизилиўи тарийхый бурылыс болды.
Бағдарлама шеңберинде заманагөй мәденият сарайы қурылды. Ишки жолларға асфальт
төселди. Көшелерге жақтыландырыўлар орнатылды. Мектеплер ҳәм мектепке шекемги
билимлендириў мәкемелери түп-тийкарынан жаңаланды. Бүгин посёлкамызға келген
адам өзгерислерди көрип, жаңа Өзбекстандағы реформалардың нәпесин анық сезеди.
Әҳмийетлиси, бул жумыслар бир
мәрте емес, ал избе-из даўам етпекте. Сол себепли, халқымыздың ертеңги күнге исеними
және де беккемленбекте. Жыллар даўамында халықты ең көп қыйнап келген
машқалалардан бири автомобиль жолларының жағдайы еди. Бул тек ғана транспорт
ҳәрекетине емес, ал экономикалық белсендилик ҳәм халықтың турмыс дәрежесине де
унамсыз тәсир көрсететуғын еди.
2024-жылы
Ғузар–Бухара–Нөкис–Бейнеў халықаралық автомагистралының 240 километр бөлеги
реконструкцияланды. Нәтийжеде бул көп жыллық машқала өз шешимин тапты. Усы жол
себепли шетки аймақлардағы халықтың мәмлекеттиң басқа аймақлары менен
байланыслары беккемленди.
Президентимиздиң усы жыл
24-июньдеги "Мәҳәлле басқарыўын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы
қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы мәҳәллелердиң турмысында жаңа басқышты
баслап берди. Мәҳәллелердиң еркинлиги ҳәм жуўапкершилигин және де күшейтиў,
халықтың машқалаларын орнында шешиў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын
алыў, инсан қәдирин жоқарылатыў бойынша қолланба болып хызмет етпекте.
Мәмлекетимиз басшысының
Қарақалпақстанға сапары ўақтында қалашаны раўажландырыў ушын 100 миллиард сум ажыратылатуғын
болды. Бундай ўақыя бурын ҳеш қашан болмаған. Сонлықтан, буннан тек ғана биз
емес, ал пүткил Аралбойы ели бирдей қуўанды. Күшимизге күш, ғайратымызға ғайрат
қосылды. Енди биз де мәмлекетимиз жаратып берип атырған усындай имканиятлардың
қәдирине жетип, билдирилген исенимге мийнетимиз бенен мүнәсип жуўап беремиз.
"Қарақалпақстан"
посёлкалық пуқаралар жыйыны қысқа мүддетте жаңа Өзбекстанның ең үлгили, абат,
қәўипсиз ҳәм раўажланған аймақларынан бирине айланады. Буның ушын жетерли қаржы
ажыратылып атыр. Әҳмийетлиси, итибардан кеўлимиз таўдай көтерилди. Жолымыз
тегисленип, кеўлимиз жарық болды.
Қутлы ҚОШЫМБЕТОВА,
Қоңырат районындағы
"Қарақалпақстан"
посёлка пуқаралар жыйынының
баслығы