Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев 12-октябрь күни Жаңа Ташкент қаласында бир қатар объектлерди иске түсириў ҳәм қурылыс жумысларын баслаў мәресиминде ҳәм инвесторлар менен ашықтан-ашық сөйлесиўде қатнасты. Илажлар даўамында мәмлекетимиз басшысы жойбарды раўажландырыўдың келеси бағдарларын белгилеп, ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыў ҳәм бизнес ушын шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратты.

Қаланы қурыў жумыслары буннан 3 жыл алдын басланған. Биринши басқышта заманагөй технологиялар, қәўипсизлик талаплары ҳәм "жасыл" қурылыс принциплерин есапқа алған ҳалда 50 миллиард долларлық жойбарлар нәзерде тутылмақта. Жаңа Ташкент қаласында 2 мың гектар жасыл аймақлар, соннан 500 гектарда бағлар шөлкемлестириледи. Улыўма майданы 150 миллион квадрат метр болған имаратлар да усы стандартлар тийкарында қурылады. Усы ўақыт ишинде 2 миллиард доллардан аслам инвестиция киргизилди. Турақ жайлар, университетлер, китапхана, амфитеатр таяр. Ҳәзирги басқышта 1 миллиард долларлық 7 объект: "Шарқ баҳори" турақ жай комплексиниң биринши басқышы, жол ҳәм инженерлик объектлери, "Жаңа Ташкент" подстанциясы, тригенерация станциясы, Саўда-санаат палатасы имараты, "Соҳил боғи" бағы ҳәм 2 мың орынлық мектеп қурып питкерилди.

Энергетика айрықша әҳмийетке ийе. Тригенерация станциясы Түркияның "Mimsan" компаниясы қатнасыўында қурылған болып, оған 73 миллион доллар инвестиция киргизилген. Ол 100 мың шаңарақты орайласқан ыссылық ҳәм суўытыў менен тәмийинлеў, соның менен бирге, электр энергиясын ислеп шығарыў имканиятын береди: бир неше функцияларды бирлестириў есабынан ресурслар ақылға уғрас жумсалады. 95 миллион долларлық подстанция ҳәм жоқары күшлениўли линиялар Қытайдың “Haocheng Industry Group Limited” компаниясы менен биргеликте қурылды. Турақ жай фондының көбейиўи, кәрханалардың жайласыўы ҳәм тутыныўдың артыўы ушын исенимли электр тәмийнаты керек. Коммунал ҳәм транспорт тармақлары да артта қалмай атыр. 18 км жол, 13 км ақаба суў ҳәм 4,5 км ишимлик суў тармағы тартылған. "Соҳил боғи" бағының 10 километр бойында пиядалар ҳәм велосипед жоллары шөлкемлестирилген. "Шарқ баҳори" турақ жай комплексиниң биринши басқышында 7 мыңға шамалас квартира қурылды.

Жоқары технологиялар ҳәм экологиялық шешимлер

Мәресимде Қытай, Түркия, БАӘ ҳәм басқа да мәмлекетлерден бирге ислесиўшилердиң қатнасыўында 2,5 миллиард долларлық және 10 ири жойбар иске қосылды. Олар Жаңа Ташкент тек ғана турақ жай сыпатында емес, ал жоқары технологиялық өндирис, бизнес ҳәм заманагөй хызметлер майданы сыпатында раўажланып атырғанын көрсетиўге қаратылған.

Жоқары технологиялық өнимлер ҳәм ярымөткизгишлер ислеп шығарыў ушын “Deep Tech Park” санаат зонасы тийкарғы орын ийелейди. Оны шөлкемлестириўге 320 миллион доллар қаратылады, келешекте бул жерде 1,7 миллиард долларлық жойбарлар жайластырылады. Бундай өндирис санаат базасын кеңейтип, маман жумыс орынларын жаратады, илим, инженерлик ҳәм бизнести байланыстырады. Олардың нәтийжеси тийисли компанияларды тартыў, қәнигелер таярлаў ҳәм кәрханаларды өндирис шынжырына киргизиў имканиятына байланыслы. Финляндияның “MariMatic” компаниясы қатнасыўында шығындыларды жыйнаў системасы жаратылады ҳәм олардан жасыл электр энергиясы алынады. Көп қабатлы турақ жайлардың төбесине 20 МВт қуўатлылықтағы фотоэлектр системалары орнатылады. Бул қарарлар коммуналлық инфраструктураға жүклемени азайтады ҳәм қайта тиклениўши дәреклердиң үлесин кеңейтеди, бирақ үскенелердиң исенимли ислеўи ҳәм шығындыларды дурыс басқарыўға көп нәрсе байланыслы.

Жаңа магистральлар пайтахтымыз бенен транспорт байланысын беккемлемекте. Темур Малик көшеси ҳәм 4Р12 автомобиль жолы аралығында көпир, жол өткели ҳәм 10 километрлик трасса қурылады. Айрықша жойбар метро бәндиргилерине тутасқан жер асты автомобиль турыў орынларын нәзерде тутады. Бул арқалы қалаға кириў қолайлы болады, жеке транспорттан жәмийетлик транспортқа өтиў аңсатласады.

Исбилерменлик турмысы майданы 818 мың квадрат метрден аслам “Metropolis” исбилерменлик қалашасында жәмленеди. Бул жерде офислер, мийманхана, турақ жайлар ҳәм хызмет көрсетиў объектлери жайласады, бизнес ушын 500 мың квадрат метр жер ажыратылады. 1,5 мың адам жумыс пенен тәмийинленеди. Исбилерменлик орайы компаниялар ҳәм түрлес тармақларды: мийманхана, улыўма аўқатланыў, саўда сыяқлы тараўларды да тартады. Бул Жаңа Ташкентти еркин экономикалық орайға айландырыў жолындағы қәдем болып есапланады. Турақ жайлар қурылысы да даўам етеди: "Silk City", "Мавж", "Маржон" комплекслери, 120 орынлық орайлық емлеўхана қурылысы режелестирилген. Социаллық объектлерди мәҳәлле менен биргеликте пайдаланыўға киргизиў режелестирилген.

Тезлетиў резервлери

Жеке меншик секторды тартыў пәти ҳәзирше жойбардың имканиятларынан артта қалмақта. Президентимиздиң инвесторлар ҳәм исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде бул мәселе тийкарғы орын ийеледи. Жаңа Ташкент ушын 20 мың гектар майдан ажыратылған. Биринши басқышта 6 мың гектарда 50 миллиард долларлық жойбарлар режелестирилген. Соның менен бирге, 1 мың гектардан аслам аймақта тийкарынан мәмлекет қаржылары есабынан жумыслар алып барылмақта, исбилерменлерге 94 гектар жер ажыратылған.

Өзбекстан Президенти Жаңа Ташкент тек ғана жаңа турақ жайлар қурылмайтуғын аймақ екенин атап өтти. Қалада бизнес, билимлендириў, медицина, туризм ҳәм хызметлер бирлескен болыўы керек, бирақ инвесторларға берилген майданлардың 2/3 бөлеги турақ жай ушын берилген, 28 лотта еле жедел жумыслар басланбаған. Бундай қыйсықлық себепли жумыс орынлары ҳәм коммерциялық инфраструктура жетиспейди, буларсыз толық полис қәлиплеспейди. Сондай-ақ, кешигиўлерди тек ғана ақша жетиспеўшилиги ямаса бизнестиң бийпәрўалығына байланыстырыў мүмкин емеслиги атап өтилди. Тийкарғы тосқынлықлар арасында ескирген талаплар, руқсатнамалардың созылыўы ҳәм инвесторлардың шериклеринен көре көбирек қадағалаўшы ўазыйпасын атқаратуғын айырым уйымлардың позициясы атап өтилди.

Жер ажыратыўдан баслап, объектти пайдаланыўға тапсырыўға шекемги барлық тәртип-қағыйдаларды қайта көрип шығыў бойынша тапсырма берилди. Исбилерменлерге алдыннан айтып берилетуғын қағыйдалар, келисиўлердиң анық мүддетлери ҳәм қәрежетлерди алдыннан есаплаў имканияты керек: ҳәр бир кешигиў жойбардың баҳасын арттырады ҳәм инвестициялардың қайтымын кешиктирип жибереди. Ислерди жеделлестириў мақсетинде мастер-режени әмелге асырыўда бизнес имканиятларын кеңейтеди. Егер қала мәплерине жуўап беретуғын болса, лот майданы ямаса объектлердиң мәнзилин өзгертиў бойынша усынысларды жедел ҳәм анық өлшемлер тийкарында көрип шығыў тапсырылды. Концепция, жойбар ҳүжжетлери ҳәм руқсатнамалар алдыннан таярлап қойылатуғын участкалардың саны көбейеди. Бул жер ажыратыў ҳәм жумысларды баслаў арасындағы аралықты қысқартады. Ири коммерциялық объектлер ушын ашық баслама ҳәм “Swiss Challenge” принципи тийкарында жер ажыратыў енгизиледи. Биринши инвестордың усынысы жәрияланганнан кейин басқа қатнасыўшылар буннан пайдалырақ усыныс етиўи мүмкин болады. Егер бәсекилеслер табылмаса, басламашыға бериледи. Бул механизм исбилерменлик басламасын бәсеки ҳәм шешимлердиң ашық-айдынлығы менен бирлестиреди.

Жеңилликлер ҳәм жойбарлар менен бирге

Саўда, хызмет көрсетиў ҳәм социаллық инфраструктура объектлери ушын инфраструктура төлемлери қайта көрип шығылады. Базалық ставка саўда, хызмет көрсетиў ҳәм бизнес орайлары ушын 3 есеге, мийманхана ҳәм туризм объектлери ушын 5 есеге, мәденият ҳәм кеўилашар орынлар ушын 10 есеге азайтылады. Жеке меншик бақша, мектеп ҳәм емлеўханалар ушын төлем 1 процент етип белгиленеди. Жаңа шәртлер басланған жойбарларға да енгизиледи. Бул инвесторлардың дәслепки қәрежетлерин қысқартады ҳәм оларсыз қала орталығы қәлиплеспейтуғын объектлердиң пайда болыўын тезлестиреди.

Баҳасы 50 миллион доллардан жоқары турақ жай емес объектлер ушын "жасыл" сертификат қәрежетлери мәмлекет тәрепинен толық қаплап бериледи. Жаңа Ташкенттеги инвесторлардың ҳәр бир майданының 30 процентин мәжбүрий көклемзарластырыў бийкар етиледи. Оның орнына бас реже тийкарында қала аймағының 30 процентин мәмлекет өз мойнына алады ҳәм жасыл аймақлар бир пүтин системаға айланады. 50 миллион доллардан қымбат болған ҳәр бир жойбарға инвесторға объект пайдаланыўға тапсырылғанша жол-жоба көрсететуғын жуўапкер ўәкил бириктириледи. Бундай жойбарлар бойынша тәреплердиң миннетлемелери ҳәм объекттиң өзине тән өзгешелигин есапқа алатуғын шәртлер менен өз алдына инвестициялық келисимлер дүзиледи. Егер барлық қатнасыўшылар мүддет ҳәм келисимлерге әмел еце, жеке жәрдем мәселелерди тез шешиўге жәрдем береди.

Аймақлар ҳәм сырт елли шериклер ушын имканиятлар

Қурылыс жумысларына барлық аймақлардан исбилерменлер тартылады. Пайтахтымыздың ҳәр бир районы ҳәм республикамыздың 13 аймағының ҳәр бирине 100 гектардан жер ажыратылады. Бул жерлердиң биринши аукционында тийисли аймақлардың исбилерменлери қатнасыўы мүмкин болады. Аймақлық бизнес жаңа имканиятлардан пайдаланыў имканиятына ийе болады, компанияларды кеңейтиў ҳәм жумыс орынларын жаратыў имканиятына ийе болады. Ашық-айдын саўдалар ҳәм түсиникли параметрлерге ийе таярланған майданлар әҳмийетли.

Сырт ел инвесторлары ушын дәслепки 50 лот анықланды. Дипломатиялық ўәкилханалар арқалы аймақлардың жайласыўы, экономикалық есап-санақлары ҳәм имканиятлары көрсетилген усыныслар топламы жибериледи, министрлерге ири сырт ел компаниялары менен ушырасыўларда Жаңа Ташкент жойбарларын турақлы түрде таныстырып барыў бойынша тапсырма берилди. Усы тәризде шериклер менен ислесиў улыўма презентациялардан анық шәртлер ҳәм есап-санақларға ийе анық усынысларға өтеди. Ушырасыўда Самарқанд қаласындағы Ширин массиви қурылысы да көрип шығылды. Жумыслардың пәсеңлиги сынға алынды. Оларды жеделлестириў мақсетинде жойбарға Жаңа Ташкент ушын белгиленген жеңилликлер енгизиледи.

Мәмлекетимиз басшысы инвесторлардың жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларына ажыратылыўына да тоқтап өтип, "Капитал, алдыңғы идея ҳәм ҳадал мийнеттиң миллети жоқ!" деп атап өтти. Тийкарғы өлшем - исбилерменниң мәмлекет раўажланыўына қосқан үлеси ҳәм миннетлемелерди орынлаўға таярлығы.

Турақ жай, жумыс орынлары ҳәм қала хызметлери

Жылдың ақырына шекем Жаңа Ташкентте кеминде 70 мың халық жасайтуғын 20 мың квартира пайдаланыўға тапсырылады. Президентимиз квартиралар менен бирге дем алыў, спорт, саўда, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында да хызмет көрсетиў зәрүр екенлигин атап өтти.

FIFA талапларына жуўап беретуғын 55 мың орынлық стадион қурылмақта. Келеси жылы футбол бойынша 20 жасқа шекемги жаслар арасында жәҳән чемпионаты өткерилиўи мүнәсибети менен мийманхана, улыўма аўқатланыў шақапшалары, кеўилашар объектлерге болған талапты үйренип, исбилерменлерге анық инвестициялық усыныслар бериў бойынша тапсырма берилди. Турнир мийманханалар, ресторанлар ҳәм дем алыў инфраструктурасы ушын имканиятлар ашады. Исбилерменлер күтилип атырған талапты алдыннан билиўи, қала хызметкерлери болса транспорт ҳәм коммуналлық системаларды таярлаўы әҳмийетли.

Исбилерменлик турмысына мәмлекетлик уйымларды көшириў де тәсир етеди. Жаңа Ташкент аймағында Қурылыс, Транспорт ҳәм Энергетика министрликлери жумыс алып бармақта, басқа да уйымлардың хызметкерлери ушын имаратлар қурылмақта. Қалған министрликлер ҳәм мәмлекетлик шөлкемлерди де көшириўге кирисиў бойынша тапсырма берилди. Олар коммерциялық имаратлар, хызметлер ҳәм транспортқа талап пайда етеди.

Үлкен көлемдеги қурылысты даўам еттириў ҳәм жеке меншик капитал ушын шараятларды жақсылаў - жойбарды табыслы әмелге асырыўдың тийкарғы өлшеми. Оларға тәртиплерди қайта көрип шығыў, төлемлерди азайтыў, ири жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жерден пайдаланыў киреди. Енди көп нәрсени қабыл етилген қарарлардың әмелий көриниси белгилейди. Жаңа Ташкент қаласының үлкен қурылыс майданынан тез арада пүткил мәмлекет ушын имканиятлар ашып беретуғын экономика, билимлендириў, медицина, туризм ҳәм хызметлердиң еркин орайына айланыўы келисимлердиң тезлиги, инфраструктураның таярлығы ҳәм бизнести жайластырыўдағы тең салмақлылыққа байланыслы.

Алексей Чукарин.

«Правда Востока».