Мәмлекетимиз басшысы болып өткен сайлаў Россия жәмийетиниң жоқары сиясий мәденияты ҳәм пуқаралық бирлесиўин және бир мәрте айқын көрсеткенин атап өтти.

Президент Владимир Путинниң басшылығында мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыўды даўам еттириў ҳәм миллий мәплерди қорғаўға қаратылған стратегиялық бағдар Россия пуқаралары тәрепинен жоқары исеним ҳәм сөзсиз қоллап-қуўатланып атырғанынан дәрек беретуғыны атап өтилди.

Өзбекстан Президенти мәмлекетлеримиз арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларында мисли көрилмеген жоқары пәт бақланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Көп қырлы байланысларда айрықша орын ийелейтуғын парламентлераралық бирге ислесиў еки тәреплеме жойбар ҳәм бағдарламаларды табыслы әмелге асырыўға буннан былай да хызмет ететуғыны атап өтилди.

Биргеликтеги ҳәрекетлер менен Өзбекстан - Россия кең көлемли бирге ислесиўине күшли пәт бағышлаў, оны мәмлекетлеримиздиң раўажланыўы ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында жаңа басламалар менен байытыўға ерисилетуғынына исеним билдирилди.

Сөзиниң жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев Президент Владимир Путинге беккем денсаўлық ҳәм мәмлекетлик жумысында жаңа табыслар, дос Россия халқына болса тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.