“Forbes” мағлыўматларына бола, 13-октябрь күни исбилерменниң сап байлығы 28,6 миллиард долларға ямаса шама менен 2,8 процентке азайды.
Тийкарғы себеп саўда ашылғаннан кейин “SpaceX” акцияларының 3 проценттен көбирекке төменлеўи болған. “Tesla” акциялары да шама менен 0,5 процентке төменледи.
Маск тек төрт күн алдын еки компанияның акциялары баҳасының артыўы себепли триллионер статусын қайтып алған еди.
Оның сап байлығы “SpaceХ” 2026-жыл июнь айында ғалабалық саўдаға шыққанынан берли биринши мәрте 1 триллион доллардан асты.
“Forbes” мағлыўматларына бола, исбилермен “SpaceX”тиң шама менен 48,4 процентине ҳәм “Tesla”ның 11 процентине ийелик етеди.
“SpaceX” акцияларының төменлеўи жасалма интеллект чип ислеп шығарыўшыларының сатылыўы фонында жүз берди, деп хабар берди “report.az”.