Алынған мағлыўматлар бул мәкан жай жаңа "көк аймақ", яғный адамлар тәбийғый емес узақ жасайтуғын аймақ болыўы мүмкинлигин көрсетеди. Басқа "көк зоналар" қатарына, мәселен, Японияның Окинава атаўы ҳәм Коста-Рикадағы Никоя ярым атаўы да киреди, деп хабар берди “vokrugsveta.ru”.
Дәслеп, илимпазлардың итибарын Болотанға бул мәкан жайда узақ өмир сүриўшилердиң әдеттегидей жоқары концентрациясы, яғный белгили бир орында топланыўы тартты. Мағлыўматларға бола, 2024-жылы 2300 ге шамалас халқы болған бул аўылда 100 ҳәм оннан үлкен жастағы алты адам жасаған. Халықтың ҳәр бир бирлигине туўра келетуғын узақ жасаўшылардың тарқалыў көрсеткиши АҚШқа қарағанда шама менен 11 есе жоқары.
Изертлеў даўамында илимпазлар аўыл халқының жүз жылдан аслам даўам еткен демографиялық мағлыўматларын таллады. Болотаның және бир өзгешелиги сонда, онда адамлардың туўылған ҳәм қайтыс болған сәнелерин анық белгилеў имканиятын беретуғын оғада толық тарийхый жазыўлар бар. Бул жерде муниципал ҳәм ширкеў жазыўлары әсирлер даўамында алып барылады, бул болса изертлеўшилерге халықтың жасын өз бетинше тексериў имканиятын берди.
Нәтийжеде Болотанда 1900-жылдан 1925-жылға шекем туўылған 3060 адам арасында 38 узақ жасаўшы анықланды.
Илимпазлар өз таллаўларында төмендеги еки тийкарғы көрсеткишти баҳалады:
70 жасқа жеткенде күтилип атырған өмир көриў даўамлылығы
70 жасқа шекем жасаған адамның 100 жасқа шекем жасаў итималы.
Атаўда бурын анықланған "көк зона" еркеклердиң әжайып жоқары өмир сүриў даўамлылығы менен белгили болса да, Болотанда басқа топар: ҳаяллар биринши орынға шықты. Изертлеўшилердиң есап-санақларына бола, бул аўылда ҳаял-қызлардың 13,8 проценти 100 жасқа шекем жасайды, Италияның қалған бөлиминде болса бул көрсеткиш шама менен 3,5 процентти қурайды.
70 жасқа жеткен жергиликли ҳаял-қызлардың күтилип атырған кейинги өмир көриў даўамлылығы дерлик 21 жылды қурайды. Узақ өмир көриў бойынша жәҳән рейтингинде Болотан ҳаяллары 70 жастан кейин күтилип атырған өмир көриў даўамлылығы ҳәм 100 жасқа шекем жасаў итималы бойынша тек ғана Гонконг ҳаялларынан кейин турады.
Неге Балотандағы ҳаяллар буншама узақ жасайды?
Солай етип, Болотанда дүньядағы ең узақ жасайтуғын ҳаял-қызлар популяцияларынан бири бар ҳәм онда аўқатланыў, физикалық белсендилик, социаллық байланыслар, шаңарақты қоллап-қуўатлаў ҳәм генетика сыяқлы факторлар өз ролин ойнаўы мүмкин, деп болжады илимпазлар.
Солай етип, жергиликли халық тегис емес жерлерде пияда жүриў ушын қолайлы шараятларда жасайды, себеби аўыл таўларда жайласқан. Адамлар тийкарынан автомобильде емес, ал пияда ҳәрекетленеди. Өнимлердиң үлкен бөлеги усы жердиң өзинде жетистириледи, атап айтқанда, пайдалы майларға бай зайтун майы ислеп шығарылады. Шаңарақлар көбинесе қатар жасайды, социаллық жеккелениў болса сийрек ушырасатуғын қубылыс. Изертлеўшилердиң атап өтиўинше, Болотанда адамлар бир-бирине ғамхорлық ететуғын бирлескен жәмәәт қәлиплескен.