Өзбекстан Орайлық банкиниң мәлим етиўинше, Пуқаралық кодексиниң 744-статьясы үшинши бөлимине муўапық, егер суд тәрепинен кредит қарыздарлығын өндириў ҳаққында қарар қабыл етилсе, суд қарарында көрсетилген суммаға процентлер, жәрийма (неустойка) ҳәм пеня есаплаў тоқтатылады.
Яғный, суд қарары шығарылғаннан кейин қарыздарлық муғдары процентлер ҳәм жәрийма санкцияларын және де есаплаў есабынан артып кетпеўи керек.
Усы мүнәсибет пенен Орайлық банктиң Банк қадағалаў комитетиниң қарары менен коммерциялық банклердиң бақлаў кеңеслери ҳәм басқармаларына бул талаптың толық орынланыўын тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленди.
Атап айтқанда, банклердиң ишки аудит хызметлери:
2026-жыл 10-декабрьге шекем ишки тексериўлер өткерип, суд қарарлары шығарылған кредитлер бойынша процент ҳәм жәриймаларды есаплаў тоқтатылған ямаса тоқтатылмағанын анықласын. Анықланған қағыйдабузарлықлар банклердиң бақлаў кеңеслери ҳәм басқармалары тәрепинен көрип шығылыўы керек;
нызамсыз есапланған суммаларды бийкарлаў ҳәм өндирилген қаржыларды қайтарыў. Нызамшылықты бузған ҳалда есапланған процентлер ҳәм жәриймалар дәрҳәл бийкар етилиўи, өндирилген қаржылар болса қарыз алыўшыларға қысқа мүддетте қайтарылыўы керек.
Буннан тысқары, банк басқармалары 2026-жыл 25-декабрьге шекем орынланған жумыслар ҳәм қайтарылған қаржылар ҳаққында толық есабатларды тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда Орайлық банкке усыныўы шәрт.
Бундай ҳуқықбузарлықларға дус келген пуқаралар Орайлық банктиң 71 200-00-44 ямаса 18 00 телефонлары арқалы байланыс орайына мүрәжат етиўи, сондай-ақ, «Bankda nima gap?» - “@tajriba_lab_bot” ботынан пайдаланыўы мүмкин.