Буннан былай Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң рәсмий валюта курслары тек ғана валюта биржасындағы келисимлер тийкарында емес, ал банклераралық биржадан тысқары базарда әмелге асырылған транзакцияларды есапқа алған ҳалда есап-санақ етиледи.

Рәсмий курс биржа ҳәм биржадан тысқары келисимлердиң орташа өлшенген курсы тийкарында қәлиплестириледи.

Бул болса рәсмий валюта курсын есаплаўда ишки валюта базарындағы операциялардың қамтып алыныўын кеңейтиў, базардағы ҳәзирги жағдайды анық сәўлелендириў имканиятын береди.

Сондай-ақ, соңғы жумыс күни жуўмақлары бойынша жәрияланған рәсмий курсларды жумыс исленбейтуғын күнлерде, соның ишинде, шемби ҳәм екшемби күнлеринде қолланыў әмелиятына өтиледи.