Рейтингте мәмлекетимиздиң улыўма көрсеткиши 1,726
баллды қурады. Итибарлы тәрепи, бир жыл алдын Өзбекстан 67-орында еди.
Өзбекстан қәўипсизлик ҳәм турақлылық дәрежеси бойынша
Орайлық Азияда жетекши сыпатында тән алынған. Регион мәмлекетлери арасында
Қазақстан 44-орын, Тәжикстан 47-орын, Қырғызстан 61-орын, Түркменстан 66-орынды
ийеледи.
Индекс мәмлекетлерде тынышлық ҳәм турақлылық дәрежесин
үш тийкарғы бағдарға бирлестирилген 23 көрсеткиш тийкарында баҳалайды:
Қәўипсизлик ҳәм жәмийетлик тәртип (Safety and Security) - жынаятшылық
дәрежеси, жәмийетлик қәўипсизлик, сиясий турақсызлық, терроризм тәсири ҳәм
халық қәўипсизлиги менен байланыслы көрсеткишлер;
Даўамлы ишки ҳәм халықаралық келиспеўшиликлер (Ongoing Domestic and International Conflict)
- ишки ҳәм халықаралық келиспеўшиликлер, олардың даўамлылығы ҳәм жеделлиги,
сондай-ақ, сыртқы келиспеўшиликлерге тартылыў дәрежеси;
Милитаризация дәрежеси (Militarisation) - әскерий қәрежетлер,
қураллы күшлердиң саны ҳәм имканиятлары, әскерий потенциал ҳәм басқа да
қорғаныўға тийисли көрсеткишлер.
Солай етип, рейтинг тек ғана мәмлекеттиң ишки
қәўипсизлик дәрежесин емес, ал мәмлекеттиң туристлик тартымлылығын анықлаўшы
әҳмийетли факторлардан бири болған тынышлық ҳәм турақлылық көрсеткишлериниң
кеңирек комплексин де сәўлелендиреди.
Халықаралық изертлеўлердиң көрсетиўинше, саяхатшылар
туристлик жөнелисти таңлаўда қәўипсизлик, терроризм, жынаятшылық, сиясий
турақсызлық пенен байланыслы қәўип-қәтерлерди есапқа алады. Атап айтқанда,
қәўипсизлик мәселелерине итибарлы туристлер қәўипсизлик дәрежеси жоқары болған
бағдарларды таңлаўға бейимлескен.
Усы көзқарастан, Өзбекстанның Global Peace Index рейтингинде 37-орынды
ийелегени мәмлекеттиң халықаралық туризм имиджи ушын әҳмийетли унамлы фактор
болып, оның қәўипсиз ҳәм турақлы туристлик бағдар сыпатындағы тартымлылығын
арттырмақта.