Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2026-жыл
18-августтағы 443-санлы қарары менен тастыйықланған Ҳәкимшилик регламентте
белгиленген ҳәм 19-августтан күшке кирген.
Регламентке муўапық, субсидиялар Туризм комитети жанындағы бюджеттен
тысқары Туризмди қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан бериледи. Стартапты
ислеп шығыў ҳәм енгизиў қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ 1 миллиард сумнан
аспаған бөлеги қаплап бериледи. Ҳәр жылы ең жақсы 10 жойбарға шекем жәрдем
көрсетиледи. Онда бир талабанға субсидия календарь жылы даўамында бир мәрте
бериледи.
Ҳүжжетлер
тапсырылған сәнеде арза бериўшиниң салықлар ҳәм жыйымлар бойынша қарыздарлығы
болмаўы, сондай-ақ, банкротлық ямаса сапластырыў процесинде болмаўы керек.
Арза Туризм
комитетине Мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик
хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы бериледи. Арзаға стартапты енгизиў бойынша
бизнес-реже ҳәм жойбар презентациясы қосымша етиледи. Арзалар ҳәр шеректиң
ақырғы айының 20-санынан 25-сәнесине шекем бийпул қабыл етиледи.
Арза келип түскен
күннен баслап бес жумыс күни даўамында арза бериўшиге сәўбетлесиў өткерилиўи
ҳаққында хабарнама жибериледи. Сәўбетлесиў видеоконференцбайланыс арқалы ямаса өзиниң
стартапын комиссияға усынатуғын арза бериўшиниң жеке қатнасыўында өткериледи.
Комиссия 10 жумыс
күни даўамында жойбардың белгиленген талапларға муўапықлығын үйренеди, қор
Кеңесиниң унамлы жуўмағын алады ҳәм субсидия бериў мақсетке муўапықлығы бойынша
жуўмақ шығарады.
Жойбарларды
баҳалаўда төмендеги өлшемлер есапқа алынады:
стартап туризм
хызметлериниң белгили бир түрин раўажландырыўға бағдарланғанлығы;
жойбардың бүгинги
күнде туристлер ушын әҳмийетлилиги, сондай-ақ, бурын болмаған ямаса сезилерли
дәрежеде жетилискен шешимниң бар екенлиги.
Комиссияның
жуўмағы тийкарында Туризм комитети еки жумыс күни ишинде қарар қабыл етеди.
Унамлы шешимге ерисилген жағдайда, қаржылар жети жумыс күни ишинде арза
бериўшиниң коммерциялық банкте ашылған банк есап бетине өткериледи.