Ҳүжжет фармацевтика тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде,
фармацевтика ҳәм косметика өнимлерин ислеп шығарыўды раўажландырыў,
инвестициялық ҳәм саўда байланысларын беккемлеў, сондай-ақ, илимий изертлеўлер
ҳәм инновациялық қолланбалар тараўында тәжирийбе алмасыўды нәзерде тутады.
Буннан тысқары, тәреплер қәнигелер ушын семинарлар ҳәм билимлендириў
бағдарламаларын өткериў, сондай-ақ, биргеликтеги жойбарларды ислеп шығыў ҳәм
әмелге асырыўды режелестирмекте.
Меморандумға Медицина ҳәм фармацевтика тармағын раўажландырыў
агентлигиниң директоры Абдулла Азизов ҳәм "Қырғызфармация"
мәмлекетлик кәрханасының директоры Ақылбек Туратбек уулу қол қойды.