Тәреплер агросанаат комплекси, мебель қурылысы, социаллық тараў ҳәм туризмде биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, саўда, логистика ҳәм сыртқы базарларға шығыўды раўажландырыў мәселелерин додалады, деп хабар береди "Дунё" МА.

Анатолий Исаченконың атап өтиўинше, жақында Сурхандәрьяға әмелге асырылған жумысшы топардың сапарынан соң дәслепки келисимлерге ерисилген, Могилев ўәлаятында Өзбекстан капиталының қатнасыўында 14 жаңа кәрхана шөлкемлестирилген.

"Кәрханаларды шөлкемлестириў - бул тек ғана биринши қәдем, оны даўам еттириў керек. Бирге ислесиўге таярмыз, қайсы тараў керек болса, жәрдемди аямаймыз", - деди баслық.

Өзбекстан елшиси Нодир Мамажоновтың мәлим етиўинше, жумысшы топардың он күнлик сапары нәтийжесинде шарўашылық тараўында 8 жаңа жойбар ислеп шығылған. Сөйлесиўлер санаат, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тараўларын да қамтып алғаны, бул өз-ара саўданы кеңейтиўге хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений бирге ислесиў ҳаққындағы келисим ҳәм оны 2026-2028-жылларда әмелге асырыў бойынша "Жол картасы"на қол қойды.

Сапар шеңберинде Сурхандәрья делегациясы "Могилевлифтмаш" кәрханасы ҳәм "Рассвет" хожалықларының жумысы менен де танысты.