"Автомобильсиз күн" ҳәм "Автомобильсиз ҳәпте" акциялары шеңберинде Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети ҳәм оның аймақлық басқармалары хызметкерлери хызмет ҳәм жеке автомобильлеринен ўаз кешип, жәмийетлик транспорт, велосипед ҳәм басқа да альтернатив ҳәрекетлениў қуралларынан пайдаланбақта.
Бундай илажлар атмосфераға зыянлы шығындыларды азайтыў ҳәм қала көшелериндеги транспорт тығылысын азайтыўға хызмет етеди.
Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитети мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң усы акцияларды өткериў шеңберинде автотранспорт қуралларынан пайдаланыўы жуўапкершиликке себеп болатуғынын ескертти.
Басқарма мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерди, сондай-ақ, елимиз халқын бул басламаға қосылыўға, жәмийетлик транспорт, электромобильлер ҳәм басқа да экологиялық қолайлы транспорт қуралларынан көбирек пайдаланыўға шақырды.