Сербия ҳаўа кеңислигинде Өзбекстан жетекшисиниң самолётларына басқарыўшы мәмлекет Әскерий-ҳаўа күшлериниң самолётлары ерип барды.

Жоқары мәртебели мийманларды Никола Тесла атындағы халықаралық аэропортта Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич ҳәм оның өмирлик жолдасы күтип алды.

Мәмлекетлик байрақлар көтерилди, еки тәреплеме Ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Сапардың тийкарғы илажлары ертең басланады. Сапар бағдарламасына муўапық, жоқары дәрежедеги Өзбекстан - Сербия сөйлесиўлери, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң рәсмий ҳәм исбилермен топарлары ўәкиллериниң қатнасыўында бизнес-форум өткерилиўи режелестирилген.

Олардың жуўмағы бойынша еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламын қабыл етиў режелестирилген.