Жетекшилердиң қатнасыўында еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими де болып өтти, атап айтқанда:

- мобильлик ҳәм мийнет миграциясы ҳаққында;

- халықаралық автомобильде жолаўшы ҳәм жүк тасыў ҳаққында;

- аймақлараралық бирге ислесиў ҳаққында;

- аўыл ҳәм суў хожалығы және аўыллық аймақларды турақлы раўажландырыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында;

- бажыхана ислеринде бирге ислесиў ҳәм өз-ара жәрдем ҳаққында;

- Еркин саўда ҳаққындағы келисим бойынша сөйлесиўлерди баслаў ушын жумысшы топарды шөлкемлестириў ҳаққында;

- қайта тиклениўши энергетика ҳәм "жасыл" технологиялар тараўында бирге ислесиў ҳаққында;

- фармацевтика ҳәм биотехнологиялар тараўында бирге ислесиў ҳаққында;

- туризм ҳәм мәдений саяхатлар тараўында бирге ислесиў ҳаққында;

- Орта коридорды қоллап-қуўатлаў бойынша бирге ислесиў ҳаққында;

- темир жол инфраструктурасы тараўында бирге ислесиў ҳаққында;

- экономикалық дипломатия тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

- Кинематография ҳәм биргеликтеги өндирис тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

- 2026-2028-жылларда мәденият тараўында бирге ислесиў ҳаққында;

- мийнет қәўипсизлиги ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиў ҳаққында;

- майыплығы болған шахсларды қорғаў ҳәм олардың жәмийеттеги орнын қоллап-қуўатлаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

- мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўында бирге ислесиў ҳаққында;

- санластырыў, электрон ҳүкимет ҳәм заманагөй технологияларды қолланыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында;

- қоршаған орталықты қорғаў саласындағы бирге ислесиў ҳаққында;

- Самарқанд ўәлаяты ҳәм Воеводина автоном үлкеси арасында шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққында.