Бизге белгили, 3-сентябрь күни мәмлекетимиз басшысының басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў бағдарындағы жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди. Онда аймақларда жумысты шөлкемлестириў тәртиби түп-тийкарынан өзгертилип, тийкарғы ўәкиллик ҳәм ресурслар район дәрежесине өткерилди.

Жаңа системаға бола, ҳәр бир ўәлаят ҳәм районда ҳәкимлердиң басшылығында штаблар шөлкемлестирилмекте. Бәнтлик уйымлары ҳәм экономикалық комплекс структуралары халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў мәселелерин тиккелей орынларда биргеликте шешиўи керек.

Мәжилисте бул ўазыйпалардың орынланыўы, штаблардың жумысы, аймақлардағы имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў мәселелери сын көзқарастан көрип шығылды.

Барлық аймақларда штаблар жумыс баслағаны атап өтилди. Олардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ушын ҳәр бир ўәлаятқа 2 ден жуўапкер басшы, жәми 28 экономикалық комплекс ўәкиллери бириктирилген. Реформалар штабы, министрликлер, банклер ҳәм жергиликли ҳәкимликлер жаңа система шеңберинде жумыс баслады.

Соның менен бирге, айырым басшылар елеге шекем жумысты кабинетте шөлкемлестириўге урынып атырғаны, мәҳәллеге барып, ҳәр бир шаңарақ ҳәм кәрханадағы ҳақыйқый жағдайды үйренбей атырғаны көрсетип өтилди. Мәмлекетимиз басшысы бундай қатнас нәтийже бермейтуғынын атап өтти.

Ҳәкимлер кәмбағаллықты қысқартыў мәселесине Социаллық реестрди жүргизиўден де кеңирек итибар қаратыўы керек екенлиги атап өтилди. Социаллық реестр халықты қоллап-қуўатлаў қуралы болса, кәмбағаллықты қысқартыў шаңарақларды турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинлеў, жумыс орынлары, инфраструктура ҳәм зәрүр шараятлар жаратыў менен байланыслы.

Мәжилисте бәнтликти кеңейтиў ушын ҳәр бир районда имканиятлар бар екенлиги анық мысаллар менен көрсетип өтилди.

Атап айтқанда, Қоскөпир районында жылдың басынан берли бос турған, баҳасы 43 миллион евро болған, 1 мың 300 жумыс орнына мөлшерленген тоқымашылық кәрханасының жағдайы сынға алынды. Кәрхана жумысы тикленгенде банк кризис-менеджерди тартып, өндиристи толық қуўатлылыққа алып шығыўы мүмкин.

Сондай-ақ, 124 кәрхананың улыўма баҳасы 6 триллион сум болған активлерине қойылған шеклеўлерди қайта көрип шығып, оларды банклердиң басқарыўына бериў мүмкин екенлиги атап өтилди. Бул 10 мың жумыс орнын тиклеў имканиятын береди.

Ақалтын районындағы "Оқолтин Мега Текстиль" кәрханасы мысалында банклердиң балансына өткен таяр объектлерди бөлек-бөлек сатыўдың орнына иске қосыў мақсетке муўапық екени көрсетип өтилди. Бундай қатнас жүзлеген адамлардың бәнтлигин тәмийинлеў имканиятын береди.

Улыўма, мәмлекетлик банклердиң балансында дерлик 2,5 мың 10 триллион сумлық мүлк объектлери бар. Олардан нәтийжели пайдаланыў 40 мыңға шекем жумыс орнын тиклеў имканиятын береди.

Жуўапкерлерге бир ҳәпте мүддетте қарыздарлықты қаплаў ушын банклердиң балансына өткен кәрханаларды толық хатлаўдан өткерип, жылдың ақырына шекем оларды бир пүтин өндирис сыпатында сатыў ямаса менежерлерди тартқан ҳалда жумысын тиклеў илажларын көриў тапсырылды.

Аўыллық жерлердеги мүтәж шаңарақ ағзаларын жумысқа алған кәрханалар ушын 1-октябрьден бундай хызметкерлерге социаллық салық ставкасы 2 процент етип белгиленеди.

Мәжилисте жеке меншик сектордың имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелерине де итибар қаратылды. Бул бағдарда Ақалтын районында исбилермен тәрепинен 880 орынлық жеке меншик мектеп шөлкемлестирилип, 110 кем тәмийинленген шаңарақтың перзентлери бийпул оқытылмақта.

Оның әҳмийетли шәрти - бийпул билим алып атырған балалардың ата-аналарын жумыс пенен тәмийинлеў, сабақларға турақлы қатнасыўын тәмийинлеў. Нәтийжеде ата-аналар жумыслы, перзентлер сапалы билим алады.

Ҳазарасп районындағы тигиўшилик кәрханасында 400 вакант жумыс орны бар екени, бирақ бала тәрбиясы ушын шараят жоқлығы себепли көпшилик ҳаял-қызлар жумысқа кире алмай атырғаны атап өтилди. Кәрхана басшысы бақша қурыў ушын жер ажыратылғанда ҳаял-қызларды аўқатландырыў ҳәм транспорт пенен тәмийинлеўге таяр екенлигин билдирди.

Соның ушын, егер исбилерменлер бақша, мектеп ҳәм техникум шөлкемлестириў бойынша таяр жойбарларды усыныс етсе, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерин бийпул оқытпақшы болса, мәмлекет басланғыш баҳасы 1 миллион сум болған жер участкаларын аукционға шығарыўға таяр екени атап өтилди.

Хызметлер тараўындағы имканиятлар да додаланды. Көп қабатлы турақ жайлардың төменги қабатларында халық ушын қолайлы болған шаштәрезхана, гөззаллық салонлары, киши дүканлар, ателье, аяқ кийим ҳәм турмыслық техника устаханаларын шөлкемлестириў мүмкин. Соның менен бирге, турақ жайды турақ жай емес жайға айландырыў бойынша әмелдеги тәртип-қағыйдалар артықша келисим ҳәм руқсатларды талап етпекте.

Соның ушын көп қабатлы турақ жайлардың биринши қабатындағы квартираларды турақ жай емес жайлар категориясына өткерместен, саўда ҳәм хызмет көрсетиў ушын пайдаланыўға руқсат бериў усынысы билдирилди. Хабарландырыў тәртибинде жумыс алып барылады.

Жуўапкерлерге бир ай мүддетте бундай ханаларда шөлкемлестирилиўи мүмкин болған хызмет түрлериниң дизимин ҳәм қәўипсизлик талапларын ислеп шығыў тапсырылды.

Мәжилисте бул жумысларды район ҳәм мәҳәлле кесиминде шөлкемлестириў бойынша да қосымша ўазыйпалар белгиленди. Бәринен бурын, ҳәр бир аймақта ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиўди кеңейтиў мүмкин болған толық пайдаланылмай атырған ҳәм бос имаратлар, жер майданларын анықлап, жаңа жойбарлар менен байланыстырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Исбилерменлик жойбарларын "мастер-реже" тийкарында район ҳәм мәҳәллелердеги ҳәрекет көп көшелерге жайластырыў ўазыйпасы қойылды. Тарийхый қалалар ҳәм туристлик мәҳәллелердеги көшелерди "ески қала" усылында абаданластырыў, мийман үйлери, саўда ҳәм сервис объектлерин көбейтиў нәзерде тутылған.

Аўыл хожалығы тараўында ески бағлар ҳәм бос жерлерди жаңалаў, ҳәр бир гектардан дәраматты арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Бул жерден нәтийжели пайдаланыў, зүрәәтлиликти арттырыў, аўыл халқына қосымша дәрамат дәрегин жаратыў имканиятын береди.

Көп қабатлы турақ жайлардың әтирапындағы бос орынларды анықлаў, өзбасымшалық пенен ийеленген орынларды тәртипке келтириў, балалар майданшалары, спорт ҳәм фитнес зоналары, улыўма пайдаланыўдағы жасыл аймақлар шөлкемлестириў, көшелерди жақтыландырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Халықты саламат турмыс тәризине тартыў, мәҳәлле ҳәм көшелерде ғалабалық пияда жүриў, физикалық шынығыўлар, азанғы ҳәм кешки дем алыўларды шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мектеплер, техникумлар, жоқары оқыў орынлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң бос ханаларында, сабақтан тысқары ўақытларда оқыў ханаларында жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм жумыссыз пуқаралардың кәсип-өнер ҳәм тиллерге ғалабалық үйрениўи ушын шараят жаратыў бойынша тапсырма берилди.

Ҳәр бир мәҳәлледе белсенди пуқаралар, жәмийетлик жумысларға бийпәрўа болмаған нуранийлар бар екенлиги атап өтилди. Олардың мәҳәлле әтирапында бирлесиўи адамларды дөретиўшилик жумысларға тартыў, ийек артыўшылық ҳәм бийпәрўалықтан қутқарыў имканиятын береди.

Жақында қол қойылған Президент пәрманына тийкарланып, Бас министрдиң мәҳәлле менен ислесиў бойынша орынбасары лаўазымы енгизилди ҳәм жуўапкер басшы тайынланды. Ҳәкимлер, районлық уйымлар, мәҳәлле жетилиги ҳәм банклердиң жумысын бир пүтин системада муўапықластырыў, олар ислеп атырған электрон платформаларды интеграциялаў ўазыйпасы қойылды.

Буннан былай "мәҳәлле жетилиги" жумысын муўапықластырыўшы басшылардың мәҳәллеге байланыслы мәселелер бойынша мәжилис өткериўине жол қойылмайды. Барлық мәселелер ҳәптеде бир мәрте Бас министрдиң орынбасары басшылығында барлық басшылардың қатнасыўында додаланады.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлледеги жумысларды дурыс шөлкемлестириў, мәмлекетлик сиясатты ең төменги буўынға шекем жеткериў, ҳәр бир шаңарақты турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинлеў барлық дәрежедеги басшылардың ең әҳмийетли ўазыйпасы екенин атап өтти.

Мәжилисте реформалардың орынлардағы штаблары, аймақлар басшылары, район ҳәм қала ҳәкимлери, жуўапкерлердиң есабаты тыңланды.