Сапар даўамында Өзбекстан делегациясы университеттиң
заманагөй билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў инфраструктурасы, инновациялық
лабораториялар, студентлер ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Сондай-ақ, HKUST академиялық стратегия ҳәм мағлыўматлар анализи
бойынша проректоры, Global
Analysis and Strategy бағдарының басшысы доктор Элисон Ллойд
пенен ушырасыў өткерилди.
Тәреплер жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў,
Өзбекстан жоқары билимлендириў системасына алдынғы илимий-технологиялық
шешимлерди енгизиў, миллий университетлердиң изертлеў потенциалын арттырыў ҳәм
инновациялық экосистеманы буннан былай да раўажландырыў тараўындағы бирге
ислесиў перспективаларын додалады.
Еки тәрептиң билимлендириў ҳәм илимий мәкемелери
арасындағы шерикликти кеңейтиў, заманагөй билимлендириў ҳәм изертлеў
көзқараслары тараўында тәжирийбе алмасыў имканиятларына айрықша итибар
қаратылды.