Жетекшилер бул қарар бүгин стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилген
көп қырлы Өзбекстан - Сербия қатнасықларының жедел раўажланып атырғанын
көрсететуғынын атап өтти.
Ташкент көшеси еки мәмлекет халықлары арасындағы дослық ҳәм өз-ара
түсинисиў байланысларын буннан былай да беккемлеўде тәреплердиң исенимли
умтылысының айқын белгиси болатуғыны айрықша атап өтилди.