Жаңа Өзбекстанда билимлендириў инсан капиталын раўажландырыў, жас әўладтың заманагөй билим ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў ҳәм Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўдың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында қаралмақта. Жаңа редакциядағы Конституцияда муғаллим мийнетиниң жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўындағы орны айрықша атап өтилип, педагоглардың абырайы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў, олардың кәсиплик раўажланыўы ушын шараят жаратыў мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпасы сыпатында беккемленди. "Өзбекстан - 2030" стратегиясында да билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыў нәзерде тутылған.
Халықаралық баҳалаў бағдарламаларында мүнәсип нәтийжеге ерисиў де усы узақ мүддетли сиясаттың әҳмийетли нормаларынан бири болып есапланады. Президентимиздиң 2019-жыл 29-апрельдеги пәрманы менен тастыйықланған Халық билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясында Өзбекстанның PISA (The Programme for International Student Assessment) халықаралық көлемде оқыўшыларды баҳалаў бағдарламасы рейтингинде дүньяның алдынғы 30 мәмлекетиниң қатарына кириўи мақсет етип белгиленген. Усы көзқарастан, PISA 2025 нәтийжелери тек ғана халықаралық рейтингтеги орынды емес, ал билимлендириў системасында қайсы бағдарларда илгерилеў жүз берип атырғаны ҳәм қайсы мәселелерде жумысларды күшейтиў зәрүрлигин көрсететуғын әҳмийетли аналитикалық норма болып есапланады.
2026-жыл 8-сентябрь күни А.Авлоний атындағы педагогикалық шеберлик миллий институтында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм OECD - Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми менен биргеликте өткерилген Билимлендириў форумында PISA 2025 нәтийжелери рәсмий жәрияланды. Форумда Өзбекстан нәтийжелериниң динамикасы, билимлендириўдеги теңлик, оқыў орталығы, оқытыўшының жәрдеми ҳәм нәтийжелерге тәсир етиўши факторлар додаланды.
91 билимлендириў системасы, 760 мыңнан аслам оқыўшы
PISA - бул OECD тәрепинен шөлкемлестирилетуғын дүнядағы ең ири халықаралық билимлендириў изертлеўлеринен бири. Ол 15 жасар оқыўшылардың билимди тек ғана еслеп қалыўын емес, ал оны турмыслық жағдайларда қолланыўы, қыйын машқалаларды шешиўи, мағлыўмат ҳәм дәлиллерди таллаўы ҳәм тийкарланған жуўмақ шығарыў қәбилетин баҳалайды.
PISA 2025 изертлеўинде дүнья бойынша 91 мәмлекет ҳәм билимлендириў системасынан 760 мыңнан аслам оқыўшы қатнасты. Олар дерлик 33 миллион 15 жасар оқыўшыны сәўлелендиреди. Өзбекстаннан болса тосыннан ҳәм репрезентативлик принципи тийкарында таңлап алынған 233 мектептен 8652 оқыўшы изертлеўде қатнасты.
Тәбийғый-илимий саўатлылық PISA 2025 изертлеўиниң тийкарғы баҳалаў бағдары болды. Соның менен бирге, жаңа инновациялық баҳалаў бағдары "Санлы дүньяда үйрениў" шеңберинде оқыўшылардың санлы қураллардан пайдаланған ҳалда жаңа билимлерди өзлестириў, өз үйрениў процесин басқарыў ҳәм есаплаў ҳәм алгоритмлик пикирлеў тийкарында машқалаларды шешиў көнликпелери баҳаланды.
PISA 2025 изертлеўиниң ең итибарға ылайық нәтийжеси тәбийғый-илимий саўатлылық бойынша атап өтилди. Өзбекстанлы оқыўшылардың орташа нәтийжеси 438 баллды қурап, мәмлекет 91 мәмлекет ҳәм билимлендириў системасы арасында 48-орынды ийеледи. 2022-жылда нәтийже 355 балл ҳәм 80-орын еди. Демек, еки баҳалаў аралығында көрсеткиш 83 баллға артқан.
Бирақ нәтийжени тек ғана рейтинг пенен баҳалаў жетерли емес. OECD мәмлекетлеринде тәбийғый пәнлер бойынша орташа көрсеткиш 482 балл әтирапында. Демек, Өзбекстан ушын ерисилген өсиўди беккемлеў менен бирге, OECD орташа көрсеткишине жақынласыў ўазыйпасы да әҳмийетли болып қалмақта.
Ең әҳмийетли өзгерис –
базалық дәрежеге жетип атырғанлар көбейди
PISA нәтийжелерин түсиниўде оқыўшылардың саўатлылық дәрежелери орташа баллдан да әҳмийетлирек көринисти береди. Тәбийий-илимий саўатлылық бойынша 2-дәреже базалық критерия есапланады. Бул дәрежеге ерискен оқиўши күнделикли турмыста ушырасатуғын илимий ҳәдийселерди түсиндире алады ҳәм әпиўайы жағдайларда берилген мағлыўматларға сүйенип жуўмақтың тийкарлы ямаса тийкарсыз екенлигин анықлай алады.
2022-жылы Өзбекстан оқыўшыларының тек ғана 18,9 проценти кеминде усы дәрежеге ерискен еди. 2025-жылы болса бул үлес дерлик 65 процентке жетти. Басқаша айтқанда, базалық дәрежеден төмен болып атырған оқыўшылардың үлеси кескин қысқарды. OECD мәмлекетлеринде кеминде 2-дәрежеге ерискенлер үлеси орташа 74 процентти қурайды. Бул көрсеткиш Өзбекстан нәтийжелериндеги өсиўдиң ең әҳмийетли мазмунын ашып береди: өзгерис тек ғана орташа баллда емес, ал базалық билим ҳәм көнликпелерге ийе болып атырған оқыўшылар қатламының сезилерли кеңейиўинде де көзге тасланбақта.
Реформалардың орайында - муғаллим ҳәм баҳалаў сапасы
PISA нәтийжелериндеги өзгеристи бир фактор менен түсиндириў дурыс болмайды. Бирақ 2022-2025-жыллар даўамында мектеп билимлендириўинде әмелге асырылған системалы реформалар бул нәтийжелерди таллаўда әҳмийетли тийкар болып хызмет етеди.
Соңғы жыллары мектеп билимлендириўинде оқыў бағдарламаларын компетенциялық қатнас тийкарында жетилистириў, сабақлықларды жаңалаў, педагоглардың үзликсиз кәсиплик раўажланыўын күшейтиў ҳәм критерияларға тийкарланған баҳалаў системасын басқышпа-басқыш кеңейтиўге қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, "Кәсиплик раўажланыў күни" ҳәм "Кәсиплик раўажланыў сааты" әмелиятлары арқалы оқытыўшылардың заманагөй методикаларды ийелеўи қоллап-қуўатланбақта, баҳалаў системасында болса оқыўшының тек ғана билимди еслеп қалыўы емес, ал оны түсиниўи, қолланыўы ҳәм пикирлеў процесин анықлаўға қаратылған қатнаслар күшейтилмекте.
Бул өзгерислер PISA көзқарасы менен үнлес болып, билимлендириў процесин билимди тәкирарлаўдан гөре, оны реал жағдайларда қолланыў, таллаў ҳәм тийкарланған жуўмақ шығарыўға бағдарлаўға хызмет етеди.
Социаллық шараят билимлендириў нәтийжесин қаншелли белгилейди?
Изертлеў нәтийжелери Өзбекстан ушын және бир әҳмийетли тәрепти көрсетти. Социаллық-экономикалық жағдайы ең жоқары 25 проценттеги оқыўшылар менен ең төмен 25 проценттеги оқыўшылар арасындағы тәбийғый-илимий саўатлылық айырмашылығы дерлик 22 баллды қураған. ОЕCD мәмлекетлеринде бул айырмашылық орташа 85 балл. Бул санлар Өзбекстанда оқыўшының социаллық-экономикалық жағдайы менен билимлендириў нәтийжелери арасындағы байланыс ОЕCD орташа көрсеткишине салыстырғанда әззи екенин көрсетеди. Билимлендириўде тең имканиятларды тәмийинлеў көзқарасынан бул унамлы көрсеткиш болып есапланады.
Бул сиясат мектепке шекемги басқыштан басланбақта. 2026-жылы мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 78 процентке жеткен, 2030-жылға шекем оны 80 процентке, мектепке таярлаў топарларының қамтып алыўын болса 100 процентке жеткериў мақсет етилген. 2026-2028-жылларда барлық аймақларда "Жаңа әўлад" мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм Балаларды раўажландырыў инновациялық орайларының шөлкемлестирилиўи режелестирилген.
Китап, шаңарақтағы билимлендириў орталығы ҳәм баланың мақсети
PISA мағлыўматлары нәтийжеге тек мектептеги сабақ емес, ал баланың шаңарақтағы оқыў орталығы да байланыслы екенин көрсетеди. Оқыўшының үйиндеги китаплардың саны артып барыўы менен тәбийғый-илимий саўатлылық нәтийжелериниң де жоқарылап барыўы бақланады. Буны "китаплардың көплиги нәтийжени арттырады" деген туўрыдан-туўры жуўмақ сыпатында емес, ал шаңарақтағы китапқумарлық ҳәм үйрениў орталығы менен билимлендириў нәтийжеси арасындағы күшли байланыслылық сыпатында талқылаў дурысырақ болады.
Тап сол сыяқлы, оқыўшылардың келешектеги билимге байланыслы умтылыслары менен олардың нәтийжелери арасында да байланыс бар. Жоқары билимлендириўди даўам еттириўди гөзлеген оқыўшылардың нәтийжелери әдетте жоқарырақ. Бул баланың өз алдына үлкен билимлендириў мақсетин қойыўы, шаңарақтың билимге мүнәсибети ҳәм келешек имканиятларын көре алыўы мектептеги оқыўға үнлес факторлар екенин көрсетеди.
Усы көзқарастан, Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплер тармағының раўажланыўы, инженерлик мектеплериниң шөлкемлестирилиўи, жоқары билимлендириўге кириў имканиятларының кеңейиўи ҳәм қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў механизмлери мектеп оқыўшысының алдында билимлендириўдиң кейинги басқышлары ушын кеңирек горизонт ашпақта.
Жуўмақ орнында соны айтып өтиў керек, PISA изертлеўиниң әҳмийети тек ғана рейтингтеги орын менен шекленбейди. Оның тийкарғы ўазыйпасы билимлендириў системасына өзиниң күшли ҳәм әззи тәреплерин халықаралық нормалар тийкарында баҳалаў имканиятын бериў болып табылады.
PISA 2025 изертлеўи Өзбекстан ушын бир неше анық жуўмақларды көрсетпекте.
Бириншиден, тәбийғый-илимий саўатлылық бойынша базалық дәрежеге ерисип атырған оқыўшылар қатламының кескин кеңейиўи үлкен унамлы өзгерис болып есапланады.
Екиншиден, социаллық-экономикалық жағдайы ҳәр қыйлы болған оқыўшылар арасындағы айырмашылықтың салыстырмалы киши екенлиги билимлендириўдеги тең имканиятлар көзқарасынан әҳмийетли болады.
Үшиншиден, жоқары саўатлылық дәрежелерине ерискен оқыўшылардың үлесин арттырыў ҳәм санлы орталықта қыйын машқалаларды шешиў көнликпелерин күшейтиў зәрүр. Усы мәнисте, PISA 2025 жуўмақлаўшы ноқат емес, кейинги реформалар ушын диагностика ноқаты болып есапланады. Мектеп билимлендириўи сапасын арттырыў, педагоглардың кәсиплик потенциалын турақлы раўажландырыў, баҳалаўды билимди тәкирарлаўдан көнликпени көрсетиўге бағдарлаў, тәбийғый ҳәм анық пәнлерде жоқары дәрежедеги пикирлеўди күшейтиў және санлы ҳәм жасалма интеллект саўатлылығын билимлендириў мазмунына терең интеграциялаў алдағы тийкарғы бағдарлар болып қалады.
Президентимиз Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығы байрамындағы тарийхый шығып сөйлеген сөзинде де келеси он жыллық биз ушын миллий раўажланыў дәўири болатуғынын айрықша атап өтип, бул жолда, бәринен бурын, билим ҳәм тәжирийбени келеси раўажланыўымыздың тийкарғы капиталына айландыратуғын миллий бағдарламаның қабыл етилиўин белгилеп берди. Барлық мектеплер халықаралық баҳалаў бағдарламалары менен толық қамтып алыныўына итибар қаратты. Миллий бағдарлама ҳәм онда белгиленген ўазыйпалардың әмелге асырылыўы жаңа Өзбекстан билимлендириўиниң Үшинши Ренессанс тийкарына айланыўын тәмийинлейтуғыны сөзсиз.
Эъзозхан КАРИМОВА,
мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри