Баҳалаў нәтийжелерине бола, Өзбекстан мектеп оқыўшылары тәбийғый-илимий
саўатлылық бойынша 438 балл топлап, 91 мәмлекет ҳәм билимлендириў системасы
арасында 48-орынды ийеледи.
Салыстырыў ушын, PISA 2022 изертлеўинде Өзбекстанның
тәбийғый-илимий саўатлылық бойынша нәтийжеси 355 баллды қурап, 80-орынды ийелеген
еди. Солай етип, үш жылда мәмлекет көрсеткиши шама менен 83 баллға өскен.
PISA изертлеўи 2000-жылдан берли ҳәр үш жылда бир
мәрте өткериледи ҳәм 15 жасар оқыўшылардың билимлендириўдеги жетискенликлерин
баҳалаў бойынша ең кең көлемли халықаралық қураллардан бири есапланады.
Ол ҳәр қыйлы мәмлекетлер ҳәм билимлендириў системаларындағы мектеп
оқыўшыларының билим ҳәм көнликпелериниң дәрежесин салыстырыў имканиятын береди.
Изертлеў көлеми
кеңейди
PISA-2025
шеңберинде мәмлекеттиң түрли аймақларын қамтып алыўшы тосыннан репрезентатив
таңлаў қәлиплестирилди. Халықаралық шөлкем тәрепинен изертлеўде қатнасыў ушын
233 мектеп таңлап алынған. Салыстырыў ушын, PISA-2022 да 202 мектептиң
оқыўшылары қатнасты.
Қатнасыўшылардың
саны да көбейди. PISA 2025те 8652 15 жасар оқыўшы өз билим ҳәм көнликпелерин
көрсеткен болса, 2022-жылы 7293 мектеп оқыўшысы қатнасқан.
Тәбийғый-илимий
саўатханлық - PISA 2025 тийкарғы бағдары
Изертлеўде мектеп
оқыўшыларының математика, оқыў ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша билим ҳәм
көнликпелери, алынған билимлерин әмелий мәселелерди шешиўде қоллай алыў
қәбилети баҳаланады.
PISA-2022 да
тийкарғы баҳалаў тараўы математикалық саўатлылық болса, PISA-2025те
тәбийғый-илимий саўатлылыққа тийкарғы итибар қаратылды.
Бул көрсеткиш
бойынша Өзбекстан мектеп оқыўшылары 2022-жылдағы 355 баллдан 2025-жылда 438
баллға шекем сезилерли өсиўди көрсетти.
Сондай-ақ,
"Санлы дүньяда оқытыў" бағдары бойынша Өзбекстан оқыўшылары 402,4
балл топлап, 72-орынды ийеледи.
Билим ҳәм
көнликпелердиң базалық дәрежесине ерискен оқыўшылардың үлеси де әҳмийетли
көрсеткиш болып есапланады. PISA 2025те 2-дәреже базалық есапланады, яғный
мектеп оқыўшысы күнделикли турмыстағы типик жағдайларда оларды қолланыў ушын
зәрүр болған билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўы нәзерде тутылады.
Өзбекстанда
базалық ҳәм оннан жоқары дәрежеге ерискен оқыўшылардың үлеси 2022-жылдағы 19
проценттен 2025-жылы 65 процентке, яғный 46 процентке артты.
Солай етип, PISA 2025
нәтийжелери Өзбекстанның билимлендириў көрсеткишлери, атап айтқанда,
тәбийғый-илимий саўатлылық бойынша унамлы өсиўден дәрек береди.
Изертлеў
көлеминиң кеңейиўи, қатнасыўшылар санының өсиўи ҳәм нәтийжелердиң жақсыланыўы
миллий билимлендириў системасында жүз берип атырған өзгерислерди, оның халықаралық
билимлендириў стандартларына әсте-ақырын жақынласып атырғанын сәўлелендиреди.