Илажда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Т.Сарбаев, Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары А.Мардиев, UZINFOCOM компаниясының коммерциялық директоры Ш.Раймжонов, сондай-ақ, жеке меншик клиникалардың басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлери қатнасты. Ушырасыўда жуўапкер хызметкерлер тәрепинен жеке меншик клиникалардың DMED системасына жалғаныў тәртиби, электрон медициналық мағлыўматларды жүргизиў, санлы хызметлерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм системаның әмелий имканиятлары түсиндирилди. – Бул илажды өткериўден тийкарғы мақсет – жеке меншик медицина мәкемелеринде санлы технологияларды кеңнен енгизиў, медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм тараўда заманагөй, ашық-айдын мәлимлеме орталығын қәлиплестириўден ибарат, – дейди Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Тимур Сарбаев. Илажда тәжирийбели қәнигелер тәрепинен DMED системасының имканиятлары бойынша презентация өткерилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Т.Сарбаев, Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары А.Мардиев, UZINFOCOM компаниясының коммерциялық директоры Ш.Раймжонов, сондай-ақ, жеке меншик клиникалардың басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлери қатнасты.
Ушырасыўда жуўапкер хызметкерлер тәрепинен жеке меншик клиникалардың DMED системасына жалғаныў тәртиби, электрон медициналық мағлыўматларды жүргизиў, санлы хызметлерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм системаның әмелий имканиятлары түсиндирилди.
– Бул илажды өткериўден тийкарғы мақсет – жеке меншик медицина мәкемелеринде санлы технологияларды кеңнен енгизиў, медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм тараўда заманагөй, ашық-айдын мәлимлеме орталығын қәлиплестириўден ибарат, – дейди Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Тимур Сарбаев.
Илажда тәжирийбели қәнигелер тәрепинен DMED системасының имканиятлары бойынша презентация өткерилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар
агентлиги шолыўшысы.