Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети мәлимлеме хызметиниң басшысы Мафтуна Саидованың мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта таксоматлар Республикалық АИЖСқа қарсы гүресиў орайының имаратында, Ташкент қаласындағы Ислам Кәримов атындағы халықаралық аэропортта, сондай-ақ, Әндижан, Наманган, Сурхандәрья, Бухара, Қашқадәрья, Наўайы, Хорезм, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятлары, Қарақалпақстан Республикасы аэропортларында ҳәм Жиззақ ўәлаятындағы Зомин санаториясында орнатылған.

Усы күнге шекем 300 ден аслам пуқара усы таксоматлар арқалы силекей жәрдеминде АИЖС инфекциясы бойынша өзин еркин тексериўден өткерген.

Тест бийпул, жасырын ҳәм медицина хызметкериниң қатнасыўысыз өткериледи. Тексериў ушын қан тапсырыў ямаса арнаўлы лаборатория үскенелеринен пайдаланыў талап етилмейди. Нәтийже шама менен 20-40 минут ишинде алынады.

Таксоматтан пайдаланыў ушын пуқара шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетин сканерлеп, силекей тестин алады ҳәм тексериўди еркин әмелге асырады. Жеке мағлыўматлардан белгиленген тәртипте пуқара менен қайта байланыс орнатыў, медициналық мәсләҳәт бериў ҳәм зәрүр хызметлерге бағдарлаў ушын пайдаланылады.

Егер тест нәтийжеси оң шықса, бул жуўмақлаўшы диагноз есапланбайды. Пуқара нәтийжени тастыйықлаў ушын аймақлық АИЖСқа қарсы гүресиў орайына мүрәжат етип, қосымша лабораториялық тексериўден өтиўи керек. Диагноз тастыйықланған жағдайда, наўқас бийпул медициналық бақлаўға алынады ҳәм антиретровирус емлеў хызметлери менен тәмийинленеди.

Атап өтилиўинше, таксоматларды енгизиў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 20-январьдағы АИЖС инфекциясына қарсы гүресиў системасын буннан былай да күшейтиўге байланыслы қарарының орынланыўы шеңберинде әмелге асырылмақта.