Илаж алдынан делегациялардың басшылары Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев тәрепинен қабыл етилди.

Ушырасыўда қыйын геосиясий жағдай шараятында қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде түркий мәмлекетлер арасындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Қасым-Жомарт Тоқаев Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде ишки ислер министрликлери арасындағы бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғанын атап өтип, трансмиллий жынаятшылыққа қарсы гүресиўде аўызбиршиликти беккемлеў ҳәм ҳәрекетлерди муўапықластырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Ҳуқық қорғаў уйымлары арасында тәжирийбе ҳәм оператив мәлимлеме алмасыў, заманагөй технологиялардан нәтийжели пайдаланыў, қәўипсизлик тараўында жаңа әмелий басламаларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыўдан соң Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер ишки ислер министрлериниң үшинши мәжилиси басланды.

Мәжилис даўамында мәмлекетлердиң ўәкиллери, соның ишинде, Өзбекстан делегациясы жынайый жуўапкершиликтен қашып баратырған шахсларды, сондай-ақ, бийдәрек жоғалған пуқараларды излеў бойынша бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мәселелерин додалады.

Ишки ислер уйымлары арасында мәлимлеме алмасыўды жеделлестириў, излеў илажларын муўапықластырыў, изленип атырған шахсларды анықлаў ҳәм олардың жайласқан орнын белгилеў нәтийжелилигин арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылатуғын жынаятларға қарсы гүресиў әҳмийетли бағдарлардан бири болды. Қатнасыўшылар санлы орталықта ҳуқықбузарлықларды анықлаў, оларға оператив мүнәсибет билдириў ҳәм зәрүр мағлыўматларды өз ўақтында алмасыў механизмлерин жетилистириў зәрүрлигин атап өтти.

Сондай-ақ, нызамсыз букмекерлик ҳәм қумар ойынларына қарсы гүресиў мәселелери де додаланды. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетлердиң ҳуқық қорғаў уйымлары арасындағы бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмлерин қәлиплестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Экстремизм ҳәм терроризм, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Қатнасыўшылар оператив мәлимлеме алмасыўды буннан былай да раўажландырыў, биргеликтеги илажларды муўапықластырыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Буннан тысқары, адам саўдасы ҳәм мигрантларды нызамсыз алып жүриўдиң алдын алыў ҳәм оған шек қойыў мәселелери көрип шығылды. Нызамсыз миграция ҳәм оның менен байланыслы жынаятларға қарсы гүресиўде мәлимлеме алмасыў ҳәм ҳәрекетлерди муўапықластырыўды күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер арасында Жынаятшылыққа қарсы гүресиў кеңесин дүзиў усынысы әҳмийетли баслама болды. Қатнасыўшылар усы структураны шөлкемлестириў ҳаққындағы келисим жойбарын таярлаў, кейин ала ҳүжжетти ТМШ ишки ислер министрлериниң гезектеги мәжилисинде қол қойыў ушын шығарыў бойынша усыныслар билдирди.

Бул басламалардың әмелге асырылыўы түркий мәмлекетлердиң қәўипсизлик ҳәм ҳуқық қорғаў тараўындағы бирге ислесиўин институционаллық жақтан беккемлеўге, улыўма қәўип-қәтерлерге биргеликте жуўап бериў имканиятларын кеңейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Мәжилис жуўмағында Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер ишки ислер министрлери үшинши мәжилисиниң Биргеликтеги билдириўине қол қойылды.

Қатнасыўшылар регионда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеў, ҳәрекетлерди муўапықластырыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўды даўам еттириўге келисип алды.