Усы сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри
генерал-лейтенант Азиз Тошпўлатов ҳәм Қытай Халық Республикасы жәмийетлик
қәўипсизлик министри Ван Сяохун басшылығындағы делегациялар арасында еки
тәреплеме ушырасыўлар болып өтти.
Тәреплер Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Қытай Халық
Республикасы Жәмийетлик қәўипсизлик министрлиги арасында 2026-2027-жылларға
мөлшерленген "Жол картасы"н әмелге асырыўды избе-из даўам еттириў,
сондай-ақ, ишки ислер ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик министрликлериниң
"Орайлық Азия - Қытай" форматындағы бирге ислесиўин раўажландырыўға
келисип алды.
Ушырасыўда Қытай
ҳүкимети ҳәм Жәмийетлик қәўипсизлик министрлигиниң Өзбекстан Ишки ислер
министрлигиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге қосқан үлеси жоқары
екени атап өтилди.
Тараў ушын
заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе қәнигелер таярлаўда ИИМ Академиясының
Инновациялық билимлендириў орайы әҳмийетли орын ийелейтуғыны айрықша атап
өтилди.
Ушырасыўда
тийкарғы итибар терроризм ҳәм экстремизм, нәшебентлик қуралларының нызамсыз
айланысы, шөлкемлескен ҳәм басқа да трансмиллий жынаятшылыққа қарсы гүресиў
тараўындағы бирге ислесиўди және де беккемлеўге қаратылды.
Киберқәўипсизлик
ҳәм санлы криминалистика тараўында алдынғы тәжирийбе алмасыў, ҳуқық қорғаў
уйымлары арасында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери де додаланды.
Буннан тысқары,
биометрикалық идентификациялаў, заманагөй криминалистикалық технологиялар,
полиция авиациясы ҳәм дронлардан пайдаланыў тараўларында бирге ислесиўди
раўажландырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Дослық ҳәм конструктивлик
руўхта өткен ушырасыўда жоқарыда атап өтилген көплеген бағдарларда бирге
ислесиўди раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.