Онда, биринши гезекте,
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген видеоселектор
мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў, мәҳәллелерде жаңаша
орталық жаратыў ҳәм "мәҳәлле жетилиги" жумысын жаңа басқышта
шөлкемлестириў, сондай-ақ, абаданластырыў айлығын өткериў, ишки ислер
уйымларының имаратлары ҳәм профилактика инспекторларының хызмет бөлмелерин
абаданластырыўға итибар қаратыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди.
Мәмлекетимиз басшысы мәҳәллелерде жынаятшылықты
сапластырыў, ишки көшелерде бақлаў камераларын орнатыў, көше ҳәм жолларда
қәўипсизликти тәмийинлеў, халықтың машқалаларын илимий тийкарда шешиў,
шаңарақларға психологиялық жәрдем көрсетиў бойынша жаратылған системаны буннан
былай да жетилистириў зәрүрлигин атап өтти. Усы мүнәсибет пенен жынаятшылықтың
алдын алыўға жуўапкер илимий шөлкемлер менен биргеликте үлгили мәҳәллелердиң
тәжирийбеси тийкарында методика ислеп шығыў, сондай-ақ, "қызыл" ҳәм
"сары" категориядағы мәҳәллелердеги профилактика инспекторларын усы
методика тийкарында орынларға шығып оқытыў режелери додаланды.
Жуўапкерлерге аймақлардағы профилактика инспекторларын
камера менен тәмийинлеў, унамлы нәтийжелерге ерискен тараўлардың тәжирийбесин
кеңнен қолланыў арқалы пуқаралардың шахсын анықлаў, ҳәкимшилик протоколлар
дүзиў ҳәм судқа жибериў системасын автоматластырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, республика көлеминде өткерилип атырған
"Қәўипсиз ҳәм саламат мәмлекет" кең көлемли оператив-профилактикалық
илажларының дәслепки 15 күнинде әмелге асырылған жумыслар ҳәм жол қойылған
кемшиликлер додаланды. Ерисилген нәтийжелер, бәринен бурын, халықтың тынышлығы
ҳәм саламатлығын тәмийинлеўге хызмет ететуғынын ҳәр бир хызметкер терең аңлаўы,
буны пүткил халқымыз өзиниң күнделикли турмысында сезиниўи зәрүр екенлиги атап
өтилди.
Сондай-ақ, бар машқалаларды белгиленген тәртипте
сапластырыў, алып барылып атырған профилактикалық ҳәм оператив-излеў
илажларының нәтийжелилигин арттырыў, тийисли уйымлар ҳәм шөлкемлер, ҳуқық
қорғаў уйымлары менен бирге ислесиўди және де күшейтиў, әсиресе, айдың екинши
ярымында "мәҳәлле жетилиги" менен биргеликте жумыс алып барыў бойынша
тапсырмалар берилип, орынланыўы қадағалаўға алынған.
Мәжилисте системаны санластырыў, ҳүжжетлерди толық
электрон форматқа өткериў бойынша белгиленген илажлардың орынланыў барысы да
көрип шығылды.
Соның менен бирге, бул бағдарда жол қойылып атырған
кемшиликлерди сапластырыў, хызметкерлердиң хызмет жумысында "қағазсыз бир
күн" акцияларын көбейтиў ҳәм әмелге асырылып атырған техникалық
жойбарларды ақырына жеткериў зәрүрлиги атап өтилди.
Күн тәртибиндеги мәселелерден тысқары, ишки ислер
министри жеке қурам арасында хызметти нызамшылыққа толық әмел еткен ҳалда
шөлкемлестириў, пуқаралардан келип түсип атырған ҳәр бир мүрәжат ҳәм шақырыўды
пуқта үйренип, оларға оператив түрде ҳәрекет етиў бойынша жуўапкерлерге зәрүр
тапсырмалар берди.