Илаж Халықаралық университет
спорты федерациясы (FISU) президенти
Леонц Эдердиң Өзбекстанға сапарына бағышланды.
Сапар шеңберинде елимизде студентлер спортын раўажландырыў бойынша
қәлиплесип атырған модель, оны шөлкемлестириў механизмлери ҳәм әмелий
нәтийжелерин үйрениў, Өзбекстан тәжирийбесин халықаралық спорт жәмийетшилигине
таныстырыў режелестирилген.
Форум шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм халықаралық университет
спорты шөлкемлериниң ўәкиллери қатнасыўында ушырасыўлар ҳәм басқа да илажлар
өткериледи. Қатнасыўшылар студентлер спортын раўажландырыўдың әҳмийетли
мәселелери ҳәм келешектеги бирге ислесиў перспективаларын додалайды.
Онда “FISU”
басшылары, сондай-ақ, Қазақстан, Қырғызстан, Монголия, Тәжикстан ҳәм
Түркменстан студентлер спорты федерацияларының ўәкиллери қатнасыўы күтилмекте.
Сондай-ақ, Леонц Эдер
Орайлық Азия студентлер спорты I халықаралық форумы ҳәм "Бес баслама"
студентлер олимпиадасы шеңбериндеги спорт жарысларының салтанатлы ашылыў
мәресимлеринде қатнасады.