Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы дослық, өз-ара исеним ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында еки мәмлекет ишки ислер уйымлары арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Атап айтқанда, жынаятшылық, терроризм ҳәм экстремизм, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм наркотрафик, кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында тәжирийбе алмасыў мәселелерине итибар қаратылды.

Тәреплер еки мәмлекеттиң ҳуқық-қорғаў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, өз-ара пайдалы байланысларды избе-из даўам еттириўден мәпдар екенин атап өтип, перспективалы ўазыйпаларды белгилеп алды.