Заманагөй көркем өнер орайы Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының баслы жойбары болып есапланады. Оның шөлкемлестирилиўи мәмлекетимиз басшысының басламасы ҳәм елимизде мәдениятты раўажландырыў, дөретиўшилик орталықты қоллап-қуўатлаў, халықаралық мәдений бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында алып барылып атырған избе-из жумыслардың нәтийжесинде жүзеге келди.
Мәмлекетимиз басшысы халқымыз пүткил дүньяда мүнәсип қызығыўшылық оятып атырған бай мәдений мийрас ҳәм даңқлы тарийхқа ийе екенин атап өтти. Кейинги жыллары елимизде бул бийбаҳа мийрасты тиклеў, қәстерлеп сақлаў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша системалы жумыслар жолға қойылды.
Соның менен бирге, Президентимиз бүгинги күнде заманагөй көркем өнерди де избе-из раўажландырыў әҳмийетли екенин атап өтти. Ол бүгинги әўладтың дүньяға көзқарасын, дөретиўшилик излениўин ҳәм дөретиўшилик потенциалын сәўлелендиреди, дүнья менен пикирлесиў ҳәм Жаңа Өзбекстанның мәдений көринисин беккемлеў ушын жаңа имканиятлар ашады.
Бул бағдарда жаңа Заманагөй көркем өнер орайы елимиз ҳәм сырт еллерден көркем өнер шеберлери, кураторлар, изертлеўшилер ҳәм жаслар ушын ашық майданға, заманагөй дөретиўшилер ушын тартымлы орайға айланыўы керек. Бул жерде халықаралық майданда Өзбекстанның заманагөй мәдений потенциалын көрсететуғын жаңа идеялар, профессионал байланыслар ҳәм жойбарлар қәлиплесиўи керек.
Бул көргизбе, билимлендириў, изертлеў ҳәм ағартыўшылық жумысларын өзинде жәмлеген Өзбекстандағы биринши заманагөй көркем өнер мәмлекетлик орайы ҳәм Орайлық Азиядағы бундай көлемдеги биринши мәденият мәкемеси болып есапланады.
Жаңа орай архитектор Вильгельм Гейнцельман тәрепинен жойбарластырылған 1912-жылы қурылған тарийхый имаратта жайласқан. Дәслеп бул жерде трамвай депосы болған, кейин имараттан дизель электр станциясы сыпатында пайдаланылған.
Реставрацияның архитектуралық коньцепциясы Францияның Studio KO бюросы тәрепинен ислеп шығылған. Объектти жаңалаўда оның тарийхый көриниси ҳәм индустриаллық өзгешелиги сақлап қалынған, соның менен бирге, имарат заманагөй мәденият майданы талапларына бейимлестирилген.
Президентимиз көргизбе ҳәм билимлендириў орынларын, жәмийетлик зоналарды көзден өткерди. Сондай-ақ, комплексте ушырасыўлар ҳәм ғалабалық бағдарламалар ушын майданлар, Концепт-стор ҳәм ресторан шөлкемлестирилген. Кең жәмийетшилик ушын ашық болған қәнигелестирилген китапхана ҳәм изертлеў архивинде көркем өнер, визуал мәденият, сын теорияға байланыслы әдебиятлар ҳәм материаллар жәмленген.
Орайда көргизбелер, лекциялар, ашық пикирлесиўлер, кинофильмлер көрсетиўлер, коньцертлер, спектакльлер, дөретиўшилик устаханалар ҳәм арт-резиденциялар шөлкемлестириледи. Бул бағдарламалар жергиликли художниклер, кураторлар, изертлеўшилер ҳәм жас қәнигелерди қоллап-қуўатлаў, жаңа кәсиплик әмелиятларды енгизиў ҳәм кең жәмийетшиликтиң заманагөй көркем өнерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған.
Орайдың турақлы институтционаллық орталық сыпатында жумыс алып баратуғыны айрықша әҳмийетке ийе. Бул жерде жас авторлар өз жойбарлары менен таныстырыўы, изертлеўшилер дәреклер ҳәм архив материаллары менен ислесиўи, кең жәмийетшилик болса билимлендириў, ғалабалық бағдарламалар ҳәм дөретиўшилик жәмийетшилик пенен жанлы пикирлесиў арқалы заманагөй көркем өнер менен танысыў имканиятына ийе болады.
Бундай инфраструктура жаслардың интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў, креатив экономиканы раўажландырыў, гуманитар билимлендириўдиң сапасын арттырыў, Өзбекстанның халықаралық бирге ислесиўге ашықлығын күшейтиўге қаратылған мәдений сиясат ўазыйпаларына жуўап береди.
Орай өз жумысын Hikmah биринши халықаралық көргизбесинен баслайды. Экспозиция билим, руўхый мийрас ҳәм мәдений естелик, тарийхый дәстүрлердиң заманагөй көркем өнер әмелияты менен байланыслылығы темаларына бағышланған.
Көргизбеде белгили художниклердиң 11 шығармасы, соның ишинде, жойбар ушын арнаўлы исленген дөретпелер де көрсетиледи. Нью-Йорк қаласындағы Р.Гуггенхайм атындағы Музей коллекциясынан алынған биринши инсталляцияның Өзбекстанда көрсетилиўи айрықша әҳмийетке ийе.
Орай жетекши сырт ел мәденият институтлары менен шериклик байланысларын раўажландырмақта. Олар арасында: АҚШтағы Соломон Р.Гуггенхайм музейи ҳәм Азия миллий көркем өнер музейи, Британияның Tate ҳәм Delfina қорлары, Францияның "Помпиду" орайы, Корея көркем өнер кеңеси бар.
Мәмлекетимиз басшысына орайдың келешектеги көргизбе, билимлендириў ҳәм изертлеў бағдарламалары ҳаққында мағлыўмат берилди. Жаңа майдан профессионал орталықты раўажландырыў, өзбек художниклерин халықаралық майданда танытыў, Өзбекстанның сырт мәмлекетлер менен мәдений байланысларын беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Президентимиз орайды дөретиўши жаслар, кәсип ийелери ҳәм кең жәмийетшилик ушын ашық орайға айландырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Халықаралық байланысларды кеңейтиў, белгили заманагөй художниклерди Өзбекстанға тартыў ҳәм жергиликли авторлардың жаңа жойбарларын қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды.
Жойбар, сондай-ақ, мәдений дипломатияны беккемлеў, пайтахтымыздың заманагөй келбетин қәлиплестириў, Жаңа Өзбекстанды бай мийрасқа ийе, заманагөй идеялар, дөретиўшилик излениў ҳәм халықаралық қарым-қатнасқа ашық мәмлекет сыпатында және де кеңнен танытыўға хызмет етеди.
Орайдың рәсмий ашылыўы 6-сентябрьге мөлшерленген.