Мәмлекетимиз
басшысы Джорджа Мелониди Италия Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы
лаўазымында усы ўақытқа шекем ең узақ мүддет жумыс ислеген Ҳүкимет басшысы
сыпатында тарийх бетлеринен мүнәсип орын алғаны менен қызғын қутлықлады.
Өзбекстан
Президенти бул жетискенлик Италия халқының өзиниң сиясий ерк-ықрарына,
қатаңлығы ҳәм мәмлекетлик жуўапкершиликти терең сезетуғынына жоқары исениминиң
айқын көриниси екенин атап өтти.
Джорджа Мелони
Италияның миллий мәплерин избе-из қорғаў, ҳәзирги қыйын ҳәм жедел өзгерип
атырған жағдайда мәмлекеттиң Европа Аўқамы ҳәм халықаралық майдандағы абырайы
ҳәм тәсирин буннан былай да беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлерин айрықша атап
өтти.
Президентимиз
Италия ҳүкиметиниң басшысына Өзбекстанға дослық көзқарасы ҳәм мәмлекетлеримиз
арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди избе-из кеңейтиўге қаратылып атырған
итибары ушын терең миннетдаршылық билдирди.
Өзбекстан Италия
менен стратегиялық шериклик қатнасықларын жоқары қәдирлейтуғыны атап өтилди.
Сиясий сөйлесиў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў,
мәдений-гуманитарлық байланыслар избе-из кеңейип, жаңа мазмун ҳәм сапа жағынан
жаңа басқышқа көтерилип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Сөзиниң
жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Джорджа Мелонига беккем денсаўлық, шаңарақлық
бахыт-ығбал ҳәм жуўапкершиликли мәмлекетлик жумысында үлкен табыслар, дос
Италия халқына болса тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.