Елимизде жоқары билимлендириўди халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, жетекши сырт ел университетлери менен бирге ислесиўди кеңейтиў, заманагөй бағдарлар бойынша маман кадрлар таярлаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Әбиў Райхан Беруний атындағы Үргенш мәмлекетлик университети ҳәм Қытайдың Ляонин педагогика университети менен биргеликте әмелге асырылған жойбар шеңберинде жаңа билимлендириў комплекси қурылды. Оны қурыў ҳәм үскенелеўге мәмлекетлик бюджеттен 140 миллиард сум ажыратылды. 120 жаңа жумыс орны жаратылған.
Комплексте 560 орынлық оқыў имаратлары, китапхана, спорт залы, 200 орынлық мәденият сарайы, 118 орынлық асхана бар. Екинши 4 қабатлы имаратта 628 орынлық оқыў ханалары ҳәм 224 орынлық студентлер жатақханасы жайласқан.
2026-жыл ушын қабыллаў квотасы 160 адам етип белгиленген. Келешекте жыллық қабыллаўды 500 ге, студентлердиң улыўма санын 2 мыңға жеткериў режелестирилген.
Билимлендириў өзбек, қытай ҳәм инглис тиллеринде күндизги ҳәм аралықтан билимлендириў түринде алып барылады. Бакалавриатта "Қытай тилинде халықаралық билимлендириў", "Туризм басқарыўы", "Халықаралық бизнес", "Жасалма интеллект", магистратурада болса "Қытай тили ҳәм мәдениятын оқытыў методикасы", "Билимлендириўди басқарыў", "Жасалма интеллект ҳәм билимлендириў технологиялары" бағдарлары бойынша кадрлар таярланады.
Филиалдың дипломы Өзбекстанда тиккелей тән алынады. Қәбилетли питкериўшилерге оқыўын жетекши жоқары оқыў орынларында грант тийкарында даўам еттириў ҳәм Қытайдың абырайлы шөлкемлеринде тәжирийбе арттырыў имканияты жаратылады.
Бүгинги күнде Хорезм ўәлаятында қытайлы инвесторлардың қатнасыўында улыўма баҳасы 2 миллиард 343 миллион долларлық 38 ири жойбар әмелге асырылмақта. Оларда заманагөй технологияларды ҳәм қытай тилин жақсы билетуғын маман қәнигелерге талап жоқары. Жаңа билимлендириў мәкемеси ҳәм Конфуций институты усы талапларға жуўап беретуғын кадрларды таярлаўға хызмет етеди.
Президентимиз билимлендириў бағдарламаларын экономика ҳәм мийнет базарының талаплары менен үйлестириў, студентлердиң заманагөй технологиялар ҳәм шет тиллерин пуқта өзлестириўи ушын барлық шараятларды жаратыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Усы жерде мәмлекетимиз басшысына бирден-бир миллий туризм платформасы, туризм тараўында исбилерменлерге жаратылып атырған жаңа имканиятлар менен жеңилликлер таныстырылды.