Бүгин сиясат майданына өз сөзи, күшли даўысы менен исенимли кирип
киятырған сиз – жас парламентарийлерди усы абырайлы илаж мүнәсибети менен
қызғын қутлықлаў ҳәм жақсы тилеклеримди жоллаўдан оғада қуўанышлыман.
Мың жыллардан берли цивилизациялар, халықлар ҳәм идеяларды бирлестирип
келген көпир – әййемги ҳәм нәўқыран Самарқанд қаласына хош келдиңиз!
Жоқары дәрежедеги әнжуманның мәмлекетимизде биринши мәрте өткерилип
атырғанын Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған артқа қайтпайтуғын
демократиялық реформаларға халықаралық жәмийетшилик берген жоқары баҳа, деп
қабыл етемиз.
Бүгинги сөйлесиў өткен жылы Ташкентте шөлкемлестирилген
Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы сыяқлы жанлы пикирлер, жаңа
идея ҳәм алдыңғы басламалар алға қойылатуғын конференцияға айланады, деп
исенемен.
Әзиз мийманлар!
Самарқанд халықаралық әнжуманы дүньяда глобаллық қарама-қарсылықлар
тереңлесип, турақсызлық ҳәм урыс ошақлары көбейип атырған қыйын бир ўақытта
өтпекте.
Климаттың өзгериўи, экономикалық теңсизлик, социаллық турақсызлық ҳәм
руўхый кризис пүткил инсанияттың раўажланыўына тосқынлық етип атырғаны сыр
емес.
Усы жағынан бул конференцияның күн тәртибине “Тыныш емес дәўирлерде ҳәмме
ушын инсан ҳуқықлары, әдиллик ҳәм қәдир-қымбатты тиклеў” темасы киргизилгени
үлкен әҳмийетке ийе.
Тилекке қарсы, планетамыз бойлап 500 миллионнан аслам балалар ҳәм жаслар
қураллы келиспеўшиликлер аймағында жасамақта, ҳәр бес жастың бири, қызлардың
ҳәр үштен екеўи билим алыў имканиятынан айырылмақта.
Усындай қыйын шараятта дүнья жасларының ең белсенди, умтылыўшаң қатламы
сыпатында ортаға шығып атырғаныңыз мақтаўға ылайық.
Қәдирли дослар!
“Өзбекстан – 2030” стратегиясында жас әўладқа ғамхорлық етиў, олардың
билим ҳәм потенциалын толық жүзеге шығарыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы
бағдары етип белгиленген.
39 миллионлық халықтың дерлик 56 процентин жаслар қурап атырғаны узақ
мүддетли қатнас, кең көлемли шешимлерди турмыслық зәрүрликке айландырмақта.
Кейинги жылларда инсан капиталын раўажландырыўға қаратылған
реформаларымыз нәтийжесинде жасларымыздың бәркамал өсиўи, глобаллық бәсекилик
орталығында мүнәсип орын ийелеўи ушын үлкен имканиятлар жаратылды.
Елимизде жаслар менен ислесиў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаўдың пүткиллей
жаңа – мәнзилли ҳәм вертикал системасы жолға қойылғанын айрықша атап өтиў
орынлы.
Дүньядағы ең жақсы 100ликке киретуғын жетекши жоқары билимлендириў
мәкемелеринде билим алып атырған ул-қызларымыздың саны 3,5 мыңнан артқаны,
илимий дәрежеге ийе жас илимпазларымыздың үлеси еки есеге артқаны бизди
қуўандырады.
Жаслардың исбилерменлер қатарындағы үлеси 35 процентке жеткени де олар
экономикалық раўажланыўдың ҳәрекетлендириўши күшине айланғанынан дерек береди.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты жанындағы Жаслар парламентлери
болажақ халық ўәкиллери ушын тәжирийбе мектебине айланды.
2024-жылғы сайлаўда 200 ге шамалас жаслар ўәкилликли уйымлар ағзасы етип
сайланғаны да сиясий турмысымыздағы жаңаланыўлардың нәтийжеси болып есапланады.
Бундай жетискенликлер халықаралық жәмийетшилик тәрепинен мүнәсип тән
алынбақта. Соның ишинде, Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң “Жаслар – 2030”
стратегиясын жедел әмелге асырып атырған дүньяның 10 жетекши мәмлекетиниң
қатарынан орын алды.
Сондай-ақ, Глобал жаслар раўажланыў индексинде ең тез раўажланып атырған
мәмлекет деп табылды.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Парламентлераралық Аўқам шеңберинде жаслардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик
басқарыўдағы қатнасын және де кеңейтиўге қаратылған Жаслар ҳәм келешек әўладлар
ҳаққындағы Самарқанд резолюциясы қабыл етилиўин қоллап-қуўатлаймыз.
Соның менен бирге, жаслардың потенциалын жүзеге шығарыўға байланыслы
алдыңғы тәжирийбемиз бенен ортақласыў ушын арнаўлы платформа усыныўға таяр
екенимизди билдиремиз.
Пурсаттан пайдаланып, сизлерди келеси жылы Өзбекстанда өткерилетуғын
“Әўладлар сөйлесиўи” халықаралық жаслар конгрессине мирәт етемен.
Қәдирли жас жетекшилер!
Сизлердиң тымсалыңызда Жаңа Өзбекстанның тилеклес досларын, тилеклеслик
ҳәм бирге ислесиў елшилерин көремиз десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Әнжуман шеңбериндеги сөйлесиў ҳәм пикир таласлар ашық, конструктивлик
руўхта өтетуғынына, Самарқандта тастыйықланған ҳүжжетлер глобаллық тынышлықты
беккемлеўге хызмет ететуғынына исенемен.
Сизлерди және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық,
таўсылмас күш-ғайрат ҳәм жуўапкершиликли жумысыңызда жаңа табыслар тилеймен!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти