Жәҳән әмелиятында автомобиль компаниялары көбинесе басқа тармақларды да
раўажландырып, көп тармақлы бизнести қәлиплестирмекте. Жиззақ ўәлаятында
автомобильлер ислеп шығарып атырған «ADM Agro» кәрханасы да усындай
қатнаста. Оның жаңа жумыс бағдарларынан бири Аралбойында интенсив бағшылық
болды.
Аралбойы регионының қыйын климат шараятында, яғный шорланған топырақларда
бағшылық пенен шуғылланыў экономикалық жақтан мақсетке муўапық емес, деген
пикир бар. Бирақ бул жерде әмелге асырылып атырған 55 миллиард сумлық жойбар
бул пикирди пүткиллей өзгертип жибермекте.
Сырт ел тәжирийбесинен
келип шығып, Жиззақ ўәлаятында автомобиль ислеп шығарып атырған «ADM Agro» кәрханасы
тек ғана усы бағдар менен шекленип қалмастан, көп тармақлы жумыс шеңберинде
интенсив бағшылықты раўажландырмақта.
Бағдың улыўма
майданы 330 гектар. Ең әҳмийетлиси, бул жерде жергиликли халық ушын 300 жумыс
орны жаратылған. Бурын турақлы дәрамат дәрегине ийе болмаған аўыл халқы ҳәзир
үйине жақын жерде мийнет етип, шаңарағының ырысқы-несийбесин тәмийинлемекте.
Ҳәзирги ўақытта
69 гектар майданға АҚШта селекция етилген 250 мың түп қара қәрели нәли егилген.
Бул сорт шорланған топыраққа жүдә шыдамлы саналады. Ол тек ғана еки жылда мийўе
береди. Бир теректен 50-60 килограммға шекем өним алынады. Мийўесиниң
үлкенлиги, туқымының аңсат ажыралыўы бул сортты қайта ислеўге жүдә қолайлы
етеди.
Жер ресурсларынан
нәтийжели пайдаланыў ҳәм дәраматты арттырыў мақсетинде тереклер арасына
помидордың зүрәәтли сорты егилди. Бир гектардан орташа 40-45 тонна өним алыў
мүмкин.
Бағда енгизилген
заманагөй технологиялар суў жетиспеўшилиги машқаласын нәтийжели шешиў
имканиятын берди. Аймақта жабық дренаж ҳәм тамшылатып суўғарыў системалары
шөлкемлестирилген. Дәстүрий тәризде суўғарылғанда бир гектар жерге 12 мың литр
суў жумсалады.
Жаңа система
нәтийжесинде бул көрсеткиш тек ғана 5 мың литрди қурамақта. Нәтийжеде суўды 60
процентке шекем үнемлеўге ерисиледи.
Суў
туўрыдан-туўры терек тамырларына барады, бул болса суўдың артықша жумсалыўының
алдын алыў имканиятын береди. Өсимликлер суў менен бирге берилген төгинлердиң
90 процентине шекем өзлестиреди. Ығаллықты бир тегис услап турыў өнимдарлықты
және де арттырыўға хызмет етеди. Система толық автоматластырылғаны себепли тек
ғана бир оператор жүзлеген гектар майданды биймәлел басқарыўы мүмкин.
Қыйын ықлым
шараятына қарамастан, бундай заманагөй бағдың жаратылғаны исбилерменлердиң
мәртлигинен, инновацияларға ашықлығынан дәрек беретуғыны атап өтилди.
Бул жерге
орнатылған үскенелер мийўени жыйнап алғаннан соң оны кептириў ҳәм қайта ислеў
имканиятын берип, таяр өнимниң баҳасын есесине арттырмақта.
Жойбар шеңберинде
таяр өнимлерди сатыў бойынша да анық реже бар. Ҳәзирги ўақытта Қытай, Корея ҳәм
Россия менен өз-ара пайдалы экспорт келисимлерине қол қойылды.
Кегейлиде әмелге
асырылған табыслы тәжирийбе пүткил Қарақалпақстанға енгизиледи.
Интенсив бағлардың
майданын 10 мың гектарға жеткерип, 40 мың турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс орынларын
жаратыў нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз
басшысы бул жерде фермерлер менен сәўбетлести. Олар мәмлекетимизде әмелге
асырылып атырған реформаларды айрықша атап өтип, Қарақалпақстанды
раўажландырыўға қаратылып атырған турақлы итибар ушын миннетдаршылық билдирди.