Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң басламасы менен Кегейли районында шөлкемлестирилген ыссыхана комплекси де бул жумысларда белсене қатнаспақта.

Президент Шавкат Мирзиёев комплекстиң жумысы менен танысты.

Комплекске 12,5 миллиард сум жеңиллетилген қаржы ажыратылып, 5 гектар майданда жеңил конструкциялы заманагөй ыссыхана шөлкемлестирилди. Нәтийжеде биринши басқышта "Социаллық реестр"ге киргизилген 50 шаңарақ қамтып алынып, турақлы жумыс орынлары жаратылды.

Жойбарға тартылған ҳәр бир жәрдемге мүтәж шаңараққа 10 сотыхтан ыссыхана ажыратылды. Онда комплекске бириктирилген исбилермен жетекшиси тек ғана жер ҳәм ыссыхана ажыратыў менен шекленбей, еки жыл даўамында қатнасыўшыларды тиккелей усы жердиң өзинде оқытып, зәрүр билим ҳәм әмелий көнликпелерди иелеўге, кейин ала өз қыйтақ жеринде ыссыхана шөлкемлестирип, турақлы дәрамат дәрегин жаратыўға жәрдемлеседи.

Ең әҳмийетлиси, жетистирилген аўыл хожалығы өнимлери жетекши исбилермен тәрепинен базар баҳасында сатып алынады.

Буннан тысқары, ыссыхана комплексинде жылына 1 мыңға шамалас пуқараға заманагөй ыссыхана ҳәм дийқаншылық усылларын үйретиў жолға қойылған. Бул система халық ушын кепилликли ҳәм турақлы дәрамат дәрегине айланыўы керек.

Сондай-ақ, шаңарақлардың дәраматын буннан былай да арттырыў ушын қосымша имканиятлар жаратылды. Ыссыхана комплексиниң жанында жайласқан 350 метрлик каналда 500 үйрек бағылады. Жойбар шеңберинде ҳәр бир шаңараққа Бразилиядан келтирилген 10 данадан "Фаворит" нәсилли үйрек берилди. Оларды көбейтиў технологиясы халыққа ҳәр тәреплеме түсиндириледи.

Бул жойбар аўыллық жерлерде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Тек ғана өз бизнесин раўажландырыў емес, ал адамлардың турмыс сапасын жақсылаўға үлес қосыўға умтылып атырған заманагөй исбилерменлердиң қатнасы айрықша атап өтилди.

Жойбарда заманагөй ҳәм ресурс үнемлеўши технологиялар кеңнен қолланылмақта. Аймақта улыўма қуўатлылығы 100 киловатт болған қуяш панельлери орнатылған болып, олар ислеп шығаратуғын электр энергиясы ыссыхананың күнделикли талабын толық қаплайды.