Көрсеткишлер динамикасының өзи айтып тур. 2016-жылы Қарақалпақстанның жалпы аймақлық өними 8,5 триллион сумды қураған болса, ҳәзир 54 триллион сумнан асламды қурамақта. Өндиристе жеке меншик сектордың үлеси 66 процентке жетип, исбилерменлик субъектлериниң саны 2,5 есеге көбейип, 26,5 мыңға жетти. 9 жылда ўәлаят экономикасына 5 миллиард доллардан аслам инвестиция тартылған болып, жылдың ақырына шекем сырт ел инвестицияларының көлемин 2,5 миллиард долларға жеткериў күтилмекте. Сырт ел ҳәм қоспа кәрханаларының саны 2018-жылға салыстырғанда 2,2 есеге көбейип, 271 ге жетти.

Экономиканың структурасы да өзгермекте: энергетикада ири қайта тиклениўши генерация объектлери пайда болмақта, санаатта жергиликли шийки затты қайта ислеў өзлестирилмекте, санлы тараўда есап-санақ инфраструктурасы жаратылмақта, аўыл хожалығында суў жетиспеўшилигинде жоқары өним алыў технологиялары енгизилмекте. Регион тарқалған инвестициялық жойбарлардан өз-ара байланысқан өндирис орталығына өтпекте: жоллар ҳәм электр тармақлары кәрханалар ушын шараят жаратпақта, энергетика ресурс базасын беккемлемекте, қайта ислеў шийки заттан пайдаланыўды арттырмақта, социаллық жойбарлар болса хызметлердиң сапасын кеңейтпекте.

Объектлерди иске түсириўден инвестиция толқынына шекем

Сапар даўамында мәмлекетимиз басшысы 592 миллион долларлық 11 жойбарды иске қосыў ҳәм сырт елли бирге ислесиўшилердиң қатнасыўында 7 миллиард долларлық 47 жойбардың қурылысын баслаў мәресиминде қатнасты. Бағдарламада 8 мың жоқары дәраматлы жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылған.

Қараөзек районында қуўатлылығы 300 МВт болған 2 самал электр станциясы ҳәм 100 МВт энергияны сақлаў системасы иске қосылды - санаат талабы артып атырған аймақ ушын өз генерациясы жаңа өндирислерди жайластырыўда тийкарғы фактор болмақта. Нөкисте БАӘниң қатнасыўында баҳасы 27 миллион доллар болған 100 орынлық, алдынғы үскенелер менен тәмийинленген, 80 жумыс орны жаратылған Шайх Халифа емлеўханасы қурылды. Соның менен бирге, Қарақалпақстан илимий-әмелий медицина академиясы кадрлар таярлаў менен шуғылланады. Дәстүрий түрде шийки зат ҳәм аўыл хожалығы тармақлары үстин болған Тақыятас районында 150 миллион долларлық “Linkwise” модульли есаплаў орайының биринши басқышы иске қосылды. “Sapsan Trans No'kis” кәрханасы Нөкис қаласындағы жәмийетлик транспортларға 20 млн доллар инвестиция киргизди. Ҳәзирги ўақытта 25 автобус ҳәм электробус алып келинди, жылдың ақырына шекем және 75 и келеди. Жойбар арқалы 200 жумыс орны жаратылады.

Инвестициялардың гезектеги толқыны және де көп бағдарларды қамтып алады. Қоңырат районында “ACWA” (Саудия Арабстаны) менен биргеликте 2,6 миллиард доллар есабынан 1,5 ГВт қуўатлылықта самал электр станциясы қурылмақта: 1,5 мың километр жоқары күшлениўли тармақлар тартылады, 500 киловолтлы 3 подстанция қурылады ҳәм және 2 и модернизацияланады (инфраструктура каркасы станцияның өзинен узақта пайдалы болады).

Шымбай районында Корея Республикасы инвесторлары менен биргеликте елимизде биринши мәрте боян тамырынан биогаз ислеп шығарыў (жылына 3 миллион куб метр) жолға қойылды. Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында А-380 "Ғузар - Бухара - Нөкис - Бейнеў" автомобиль жолының 92 километр бөлегин 233 миллион доллар есабынан реконструкциялаў жумыслары басланды. Нөкис қаласы ушын Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң жәрдеминде 112 электробус сатып алынып, депо қурылады.

Қытайлы шериклер менен Қоңырат ҳәм Тақыятас районларында санлы валюта ҳәм жасалма интеллект ушын мағлыўматларды қайта ислеў орайларын ислеп шығарыў бойынша улыўма баҳасы 2 миллиард доллардан аслам жойбарлар әмелге асырылмақта. Тахтакөпир районында және бир сондай орай шөлкемлестирилип, Нөкис қаласында шығындыларды термикалық қайта ислеў арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў жолға қойылмақта.

Инвестиция картасы Қараөзек районындағы "Зәңгибаба" кәнинде 20 миллион долларлық алтын ислеп шығарыў кәрханасы, Әмиўдәрья районында 15 миллион долларлық саўда орайы, ҳиндстанлы шериклер менен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында Медицина илимлери университети ҳәм жоқары технологиялық жәрдем емлеўханасы сыяқлы басқа да жойбарлар менен толықтырылмақта. Нөкисте "Дослық" каналы бойында түркиялы қурылысшылар тәрепинен Ташкенттеги “Seoul Moon” үлгисиндеги 103 млн долларлық саўда ҳәм кеўилашар орай қурылады.

Мәресимде тек ғана қаржыға емес, ал анық шаңарақлар ушын нәтийжеге де айрықша итибар қаратылды: ҳәкимлер жумыс орынларын жаратыў ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың дәраматын арттырыўға қаратылған жойбарларды таныстырды, мәмлекетимиз басшысы нураныйлар, илимпазлар ҳәм жәмийетшиликти ҳәр бир жойбардың орынланыўын қадағалаўға шақырды.

Сондай-ақ, жас шаңарақлар ушын Нөкис қаласында "Жаңа Өзбекстан" массивиниң қурылысы айрықша үлкен жойбар болып есапланады. Оны әмелге асырыў ушын 270 гектар жер ажыратылып, жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў басланған. Бул жерде 30 мың халыққа мөлшерленген көп қабатлы турақ жайлар, бизнес орайлары, саўда, хызмет көрсетиў ҳәм кеўилашар объектлер қурылады.

Технологиялар аўыл экономикасын өзгертеди

Мәмлекетимиз басшысы сапар етиўи шеңберинде барған Кегейли районында, әсиресе, аўыл хожалығында жаңаша қатнаслар көзге тасланбақта. “ADM Agro” кәрханасы жоқары нәтийжели аграр бизнести жаратыўға қыйын тәбийғый шараятлар тосқынлық етпейтуғынын дәлиллемекте. Бул интенсив бағдың жойбар баҳасы 55 миллиард сум болып, 330 гектар майданды ийелейди ҳәм 300 жумыс орнын жаратады. Биринши басқышта 69 гектар жерге шорланған топыраққа шыдамлы, 2 жылда мийўе беретуғын, бир теректен 50-60 килограммға шекем зүрәәт алыў мүмкин болған 250 мың түп Америка сортындағы қара қәрели нәли егилди. Үлкен мийўелери ҳәм жеңил туқым алыўы қайта ислеў ушын қолайлы. Терек қатарлары арасында помидордың жоқары өнимдарлы сорты (гектарына 40-45 тонна) өседи, бул бир майданнан еки есе дәрамат алыў имканиятын береди.

Онда суўды үнемлеў тийкарғы роль атқарады: жабық дренаж ҳәм тамшылатып суўғарыў нәтийжесинде суўдың жумсалыўы гектарына 12 мың литрден 5 мың литрге шекем азаяды - 60 процентке шекем үнемленеди. Суў тиккелей тамырларға барады, өсимликлер 90 процентке шекем төгинлерди өзлестиреди, бир оператор жүзлеген гектар майданды басқарыў имканиятына ийе. Өнимдарлық суўды үнемлеўге тиккелей байланыслы болған Аралбойы ушын бул модель пүткил регион ушын үлги бола алады.

Үскенелер мийўелерди жыйнап алғаннан соң дәрҳал кептириў ҳәм қайта ислеў имканиятын берип, таяр өнимниң баҳасын арттырады. Ҳәзирги ўақытта Қытай, Корея Республикасы ҳәм Россия менен экспорт шәртнамалары дүзилген болып, бул тәжирийбе пүткил Қарақалпақстан бойлап енгизиледи: интенсив бағ майданы 10 мың гектарға жеткерилип, 40 мың турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс орны жаратылады.

Және бир мысал - Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң басламасы менен шөлкемлестирилген ыссыхана комплекси (12,5 миллиард сум жеңиллетилген қаржы, 5 гектар жеңил конструкциялы заманагөй ыссыханалар). Биринши басқышта "Социаллық реестр"ге киргизилген 50 шаңараққа 10 сотыхтан ыссыхана ажыратылды. Исбилермен жетекши 2 жыл даўамында қатнасыўшыларды усы жердиң өзинде оқытып, қыйтақ жерде өзлериниң хожалығын жолға қойыўға жәрдемлеседи ҳәм өнимлерди базар баҳасында сатып алады. Комплекс базасында жылына 1 мыңға шекем оқытыўшы болыўы мүмкин. Оның жанындағы 350 метрлик каналда Бразилиядан алып келинген "фаворит" нәсилли 500 үйрек бағылады (ҳәр бир шаңараққа 10 бас нәсилли қус). Қуўатлылығы 100 кВт болған қуяш панельлери ыссыханалардың электр энергиясына болған талабын толық қаплайды.

Кегейли районында санаат усылында қусшылық да раўажланбақта. Мәселен, 7,8 миллион доллар қаржы ажыратылған "Кегейли берекет нәсилли қус" кәрханасының майданы 21 гектар, жумысшы хызметкерлер саны 70 адамды қурайды. Кәрхана бир ўақыттың өзинде 200 мың таўыққа мөлшерленген болып, ҳәзирги ўақытта 130 мың таўық бағылып, бюджетке түсим 4,8 миллиард сумға жетпекте. Бул жерде жылына 27,5 миллион дана инкубациялық мәйек ислеп шығарылып, таўық ҳәм бир күнлик шөжелер түринде сатылмақта, өзимиздеги қурамалы азық-аўқат заводы болса процесслерди толық автоматластырған ҳалда, күнине 100 тонна шийки затты қайта ислейди. Бурын таўық гөши ҳәм мәйек басқа ўәлаятлардан алып келинген. Енди жергиликли өндирис Аралбойы регионының талапларын қаплап, экспортқа шықпақта: Аўғанстанға 1,1 миллион долларлық өним жеткерип берилген, жылдың ақырына шекем оны 1,5 миллион долларға жеткериў режелестирилген. 2027-жыл январьға шекем 8,5 гектар майданда баҳасы 5 миллион долларлық және бир қусшылық фабрикасы ашылады, келешекте бундай комплекслер ири қусшылық холдинглерине айланыўы керек.

Шийки заттан таяр өнимге

Қарақалпақстан ушын жергиликли шийки затты қайта ислеў - бул тек ғана жумыс орны емес, ал басқа аймақлардан жеткерип бериўден ғәрезсизлик. Нөкисте “Nukus Insulation Group” кәрханасы жергиликли базальттан ыссылық изоляциясын ислеп шығарады. Баҳасы 50 миллион доллар болған бул жойбар Европа үскенелери менен үскенеленген болып, жылына 300 миллиард сумлық 50 мың тонна өним береди. Бул жерде 150 жумыс орны жаратылған. Базальт изоляциясы өртке шыдамлы, ыссылықты жақсы сақлайды ҳәм узақ ўақыт хызмет етеди, имаратларды ысытыў ҳәм салқынлатыў қәрежетлерин азайтады.

Және бир мысал – “Coals KS” кәрханасы (газоблок ҳәм ҳәк ислеп шығарыў бойынша 16,3 миллион долларлық жойбар). "Нөкис" еркин экономикалық зонасында 4,8 гектар майданда газоблок, Қараөзек районында ҳәк ислеп шығарылады. Жыллық қуўатлылығы 300 мың куб метр газоблок ҳәм 165 мың тонна ҳәк. Өнимлер ишки базарға, Қазақстан ҳәм Түркменстанға экспорт етилмекте. Бунда шийки заттың 96 проценти жергиликли ресурслар: кварц қумы, цемент ҳәм гипс. Бул өзине түсер баҳаны азайтады. Газоблоклар әпиўайы гербиштен 3-4 есе жеңил, қурылыс арзан. Бүгинги күнде кәрханада 200 жергиликли халық жумыс ислемекте, 200 миллион долларлық 5 жойбар әмелге асырылған, 40 миллион долларлық және 4 жойбар қурылыс процесинде.

Усы тәризде шынжыр пайда болады: жергиликли шийки зат санаат өнимине айланады, өним қурылысқа ҳәм сыртқы базарларға шығады, шөлкемлестирилетуғын кәрханалар болса кадрлар, транспорт, энергия ҳәм хызметлерге болған талапты шөлкемлестиреди. Нәтийжеде бир объект емес, ал өз-ара байланыслы өндирислердиң пүткил топары нәтийже береди.

Өзбекстан Президентиниң Қарақалпақстанға сапары аймақтың жаңа өсиў моделине өтип атырғанын көрсетти. Әмелге асырылып атырған жойбарлар энергетика, транспорт, санлы инфраструктура, санаат, медицина, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында ири инвестициялық шеңберди қәлиплестиреди. Тийкарғы әмелий нәтийже - халықтың бәнтлиги, шаңарақлардың дәраматы, өндирис базасының кеңейиўи ҳәм Аралбойы регионының турақлы экономикасы.

Алексей Чукарин.

«Правда Востока».