Дәстүр басында Биринши ханымлар дәстүрий шай мәресиминде Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы арасындағы мәдений сөйлесиўдиң әҳмийети, миллий дәстүрлерди сақлаў, гуманитарлық байланысларды буннан былай да беккемлеў бойынша пикир алысты.

Соң жоқары мәртебели мийманларға концерт бағдарламасы қойып берилип, мийманлар Кореяның бай мәдений мийрасы менен таныстырылды. Оған дәстүрий корейс аяқ ойынлары ҳәм музыкалық шығармалар киргизилген.