Ушырасыў алдынан Олий Мажлиси Миллий Мәжилисиниң Баслығы мәмлекетимиз басшысына Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмонның қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын, соның ишинде, еки мәмлекет парламентлери арасындағы қатнасықларды буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Бирге ислесиў барлық бағдарларда мисли көрилмеген пәтте раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда ҳәм жүк тасыў көлеми артпақта. Санаат, қурылыс, энергетика, аўыл хожалығы, электротехника ҳәм басқа да тараўларда кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта. Биргеликтеги Инвестиция компаниясы нәтийжели жумыс алып бармақта.

Пайтахтлар ҳәм аймақлар арасындағы тиккелей байланысларды хошаметлеў, мәдений-гуманитарлық, билимлендириў ҳәм туризм алмасыўларын кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Парламентлераралық комиссиялар, дослық топарлары ҳәм тараўлық комитетлердиң жумысын жеделлестириў арқалы жоқары дәрежедеги келисимлер ҳәм биргеликтеги басламаларды алға қойыўда нызам шығарыўшы уйымлардың ролин арттырыўға айрықша итибар қаратылды.

Сөйлесиў соңында Өзбекстан жетекшиси еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўдеги үлкен хызметлери, парламентлераралық сөйлесиўди кеңейтиў бағдарындағы нәтийжели жумысы ушын Рустами Эмомалиди мәмлекетимиздиң жоқары сыйлығы – "Фидокорона хизматлари учун" ордени менен сыйлықлады.